Telegram karinform

Жәмийет

  • 28.09.2020 13:14
  • 1293

«Супер контракт»тиң баҳасы қалай есапланады?

«Супер контракт»тиң баҳасы қалай есапланады?
Тест нәтийжелери жәрияланғаннан соң абитуриентлер тәрепинен қосымша контракт (халықтың тилинде «супер контракт») бойынша көплеген сораўлар берилмекте. Усыларды есапқа алып ҳуқықтаныўшы-блогер Хушнудбек Худайбердиевтиң усы темадағы сораўларға берген жуўапларын нәзериңизге усыныўды мақул көрдик.

Қосымша контрактта оқыў ушын неше балл топлаған болыў керек?

Парқы жоқ. Тестке кирген болса, болды. 1 балл топлаған болса да қосымша контракте оқыў мүмкин. Тек ғана баҳасы балына қарай парқланады.

Қосымша контрактта оқыўды қәлеўшилер қашан арза тапсырыўы керек?

Оқыўға кире алмаған абитуриентлер қосымша контракта оқыўы ушын 26-сентябрь күнинен баслап арза тапсырыўы мүмкин. Арзаны 1 айдың ишинде тапсырыўға да болады. Ким биринши арза тапсырса, сол биринши қабылланады деген қағыйда жоқ. Топланған баллға қарап көрип шығылады.

Арзаны қай жерге тапсырамыз?

Қосымша контрактта оқыў ушын жоқары оқыў орнының ректоры атына арза жазылады.

Бес бағдардың қайсы биринде оқыў мүмкин?

Өткен жылы қәлеген 3 бағдардың биринде супер контрактта оқыўға рухсат берилген еди. Мағлыўматларға қарағанда, быйылғы жылы да қәлеген бес бағдардың биринде оқыўға рухсат бериледи.

Оқыўға киргенлер басқа бағдарға супер контрактти сайлаўы мүмкин бе? Мәселен, биринши бағдарға балы жетпеди, бирақ екинши бағдарға оқыўға кирди. Абитуриент оқыўды қәлемей, биринши бағдарда супер контрактта оқыўы мүмкин бе?

Яқ, оқый алмайды. Егер абитуриент бес бағдардың бирине грант ямаса контракт тийкарында кирген болса, онда басқа бағдарларда супер контрактта оқый алмайды.

Қосымша контракттиң баҳасы қанша?

Қосымша төлемли контракт муғдары әмелде орнатылған төлемли контракт муғдарына салыстырмалы төмендеги муғдарларда белгиленеди:

1-категория

Кириў сызығына 4 балл жетпегенлер салыстырмалы бирқанша арзан контракт төлейди. Яғный:

1 баллға шекем жетпеген абитуриентлер ушын – 1,5 есе;
1,1 баллдан 2 баллға шекем жетпеген абитуриентлер ушын – 2 есе;
2,1 баллдан 3 баллға шекем жетпеген абитуриентлер ушын – 2,5 есе;
3,1 баллдан 4 баллға шекем жетпеген абитуриентлер ушын – 3 есе.

2-категория

56,7 баллдан көп топлаған, бирақ кириў сызығына 4 баллдан көбирек жетпей қалған абитуриентлер контракт суммасының 10 есесинен көбирек муғдарда төлейди.

Быйылғы жылы 2-категория ушын баҳалар еле тастыйықланбады. Сондай-ақ, быйылғы жылдан супер контракт баҳаларын жоқары оқыў орынларының өзлери белгилейди.

3-категория

56,7 баллдан аз топлағанлар (мәселен, 1 балл болса да) 2-категориядағы супер контракт муғдарының 2 есесин төлеп оқыўы мүмкин. Мәселен, әпиўайы супер контракт 15 есе болса, 56,7 баллдан аз топлағанлар 30 есесин төлеп, супер контрактта оқыўы мүмкин.

Қосымша контракт ҳәр жылы төлене ме ямаса бир мәрте ме?

Бир мәрте төленеди. 1-оқыў жылын питкергеннен соң кейинги жылларда ҳәмме қатары әпиўайы контрактти төлеп оқый береди.

Магистратурада да қосымша қабыллаў бола ма?

Болады. Тек ғана магистратурада бакалаврға уқсап дифференциалластырылған қымбат контракт төленбейди, әпиўайы контракт баҳасы қанша болса, қосымша қабыл етилген магистрлар да сонша төлейди.

Супер контрактти бөлип төлеўге бола ма?

Өткен жылы супер контрактти жыл даўамында екиге бөлип ямаса айларға бөлип төлеў имканияты берилген еди. Быйылғы жылы да берилетуғын шығар.

Супер контракт ушын тәлим кредитин алсақ бола ма?

Яқ, супер контракт ушын тәлим кредитин бериў әмелдеги нызамшылықта белгиленбеген. Бирақ, банклер базар баҳасында өз кредитлерин усыныс етиўи мүмкин.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Күн суўық деп балаларды ҳәдден тыс қалың кийиндирмең

Күн суўық деп балаларды ҳәдден тыс қалың кийиндирмең

    Негизинде, балалардың аязлаўы суўық яки жыллы ҳаўадан емес, ыссылықтан келип шығады, ҳәдден тыс ыссылық элементлер

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

    Мәлим болыўынша, айырым жағдайларда социаллық тармақлар ҳәтте дыққатты жақсылаўға жәрдем бериўи мүмкин.         Австралияның Кертин университети

Дүньяда ең көп сатылып атырған смартфонлардың аты мәлим болды

Дүньяда ең көп сатылып атырған смартфонлардың аты мәлим болды

    Сатылымлар рейтингинде Apple биринши орынды ийеледи. Пайдаланыўшылар ең көп қайсы моделлерди сайламақта?   Apple компаниясынын IPhone