Әдиллик министрлиги, Жоқарғы суд, Бас прокуратура, Қаржы министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (2017-жыл 22-ноябрьдеги 2548-1-санлы қарары) ҳәм юридикалық билимлендириў мәкемелериниң (әскерий, арнаўлы жоқары билимлендириў мәкемелеринен тысқары) студентлери тәрепинен танысыў ҳәм өндирислик әмелиятты, сондай-ақ, стажировканы өтеў тәртиби ҳаққындағы уставқа өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди, деп хабар берди Norma.
Әмелият ҳәм стажировка жуўмақлары есап тапсырыў арқалы рәсмийлестириледи. Буннан былай олар бул дәўирде күнделик дәптерин толтырмайды. Әмелият жуўмақланғаннан соң студент тәрепинен әмелиятты өтегенлиги ҳаққында есап таярланады ҳәм тапсырылады.
Есапта төмендегилер болыўы тийис:
- орынланған жумыслар;
- үйренилген ҳуқықты қоллаў әмелияты;
- ийеленген билим ҳәм көнликпелер сәўлелендириледи.
Есапқа студент қол қояды ҳәм қабыллаўшы шөлкем әмелият басшысы тәрепинен тастыйықланады.
Егер студент кеширимли себеплерсиз әмелиятқа қатнаспаса, оның бул ҳәрекети оқыўдан шетлетиўге себеп болады. Сондай-ақ, әмелият жуўмақлары бойынша есапты қанаатландырарсыз дәрежеде тапсырса, академиялық қарыздарлық сыпатында курстан курсқа қалдырылады.
Сахибжамал Есемуратова