Ҳәр жылы 1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен Елликқала районы орайы Бостан қаласындағы “Устазға ҳүрмет” ескерткишине кең жәмийетшилик зыярат етип, гүллер қояды. Муғаллим ҳаял ҳүрметине орнатылған бул ескерткиш пүткил Өзбекстан бойынша тек бир жерде ғана (дүньяда санаўлы болса керек), яғный Бостан қаласында бар болып, оның жаратылыў тарийхы оғада тәсирли.
2001-жылы Елликқалада марҳум қосықшы Атажан Худойшукуровтың дөретиўшилигине бағышланған үлкен илаж өткериледи. Оған Абдулла Орипов, Еркин Ваҳидов, Аман Матчан, Усман Әзим, Муҳаммед Юсуф, Матназар Абдулҳәким, Ашық Еркин сыяқлы белгили дөретиўшилер келеди. Шайырлар избе-из гөззал қосықлары менен илажға жыйылғанларды йошландырады. Бир ўақытта қосық оқыў нәўбети хорезмли шайыр Матназар Абдулҳәкимге жетип келеди.
Шайыр минберге шығып азы-кем ойланып турады да, биринши муғаллимиме арналған қосығымды айтып берейин, дейди.
Ол “Сабақтан соң” атлы қосығын оқыған пайытта залда жыламаған бирде-бир адам қалмайды. Қосықтың тәсиринен ҳәммениң жүреги ләрзеге келеди.
Қосықтағы ўақыя алыс аўыллардың биринде болған ҳәм оның қысқаша мазмуны төмендегише:
Бир муғаллим ҳаял узақ қыр асып, мектепке қатнап, балаларға сабақ өтер екен. Бир күни ол оқыўшыларға шығарма жаздыртады. Пүткил класстан 7 оқыўшы шығарма жазбай қалады. Муғаллим оларға ашыўланып: “ертең әлбетте жазып келиң, бүгинше сизлерге кеширим беремен”, деп кейийди. Қалған оқыўшылардың дәптерлерин жыйнап алып, қолтығына қысып үйине қайтпақшы болады. Қараса, күн кеш болып қалыпты. Ҳәр күни келип алып кететуғын ери сол күни келмейди. Кәсиплеслери “бүгинше бизиң үйде қала бериң, қараңғы түсип кетти” деп қыстаса да ол жолға шығады.
Жолда кетип баратырып басына түрли ойлар келеди: неге күйеўим келмеди-я? Кеўили суўыдымекен, деп қайғыға түсти. Яки балам аўырып қалдымекен? Муғаллим Ананың жүреги оннан бетер езиледи.
Не болса да үйге тезирек жетип алайын деп, ой ма, шуқыр ма, қыр ма қарамастан асығып жүрип барар еди.
Бир ўақытта изине бир қара илесип киятырғандай сезиледи. Жалт қарап жүреги тас төбесине шығады. Изине аш қасқыр түскен екен!
Ядына қасқырдың оттан қорқатуғыны келеди де қолтықлап киятырған дәптерлерин жаға баслайды. Дәптерди жаққанда қасқыр да тоқтайды. Өзи де жүрегин басып алады.
Аўылға жетиўге шамаласқанда муғаллимде дәптер түўесиледи, қасқырда да тақат таўсылады...
Егер сол күни 7 оқыўшы шығарманы жазып тапсырғанда еди, муғаллим аман қалармеди.
Ертесине муғаллимниң намазына жыйналған халық егилип жылайды, ҳәммеден бетер 7 оқыўшы өкирип жылайды. 7 оқыўшының ишинде қосықтағы лирикалық қаҳарман да зар егиледи.
Илажда оқылған усы қосықтан сол ўақыттағы район ҳәкими Неъматулла Худайбергенов та оғада тәсирленеди ҳәм сол ўақытта муғаллимге естелик орнатыў идеясын ортаға таслайды.
Солай етип, 2003-жылда “Устазға ҳүрмет” естелиги дүньяға келген еди.
Есимқан Қанаатов.ДАРСДАН СЎНГКимнидир койиди чеккани учун.
Тортиб олиб қўйди гугуртини ҳам.
Машқ дафтарларини йиғди-да, сўнгра
Бир-бир санаб кўрди. Етти дафтар кам.
«Ҳар гал шундай аҳвол. Уялмайсизми?
Келасиз ўқишмас, қилиш учун сайр.
Бу сафар ҳам икки қўймай тураман,
Эртага қолганлар топширсинлар. Хайр».
Қиш куни — бир тутам. Қорайганди қош.
Иккиланди. Ўтмак керак, ахир, қирдан.
Эри ҳам келмади олиб кетишга
«Кўнгли совидими…» — ваҳм этди бирдан.
Ҳамкасб дугонаси қистовга тутиб,
«Тунаб кетинг, — деди . — Кеч бўлиб қолди»
Кўнмади. Қўлтиқлаб машқ дафтарларни
Уйга ёлғиз ўзи яёв йўл олди.
Овул тугаб, энди қирга чиққанда
Оқшом қуюқ эди, атроф сим-сиёҳ.
Йўлдан қайтмоқчи ҳам бўлди бир ўйи.
«Ўғлим хасталаниб қолдимикан ё…»
Юрагини баттар ваҳима босди,
Қамради тундан ҳам баттар бир қўрқув.
Ўнқирми, чўнқирми, ўрми, қир демай
Яна кетаверди, кетаверди у.
Мудҳиш бир шарпани илғади ногоҳ,
Разм солса қашқир. Қиларди таъқиб,
Эслади йиртқичнинг қўрқишин ўтдан,
Изига бир дафтар ташлади ёқиб.
Қашқир тўхтаб қолди. Сўнг — яна, яна,
Муаллима омон топган бу олов
Йиртқичга берарди иложсиз сабр.
Йўловчи — ёқарди, қашқир — тўхтарди,
Тин оларди икков ҳар дафтарда бир.
Йўл узоқ, тун қаро, қашқир эса оч,
Оч йиртқич биларми надир садоқат.
Уйга яқин қолган вақтда тугади
Муаллимда дафтар, қашқирда — тоқат.
Уввос фиғон тутди қишлоқни тонгда,
Замин аза очди, замон йиғлади.
Дафтар топширмаган етти ўқувчи
Ҳаммадан ҳам ёмон йиғлади.
Нўноқ назмим учун афв эт, халқим,
На олим, на фозил, на сўз пириман.
Ўз вақтида дафтар топшира олмай
Қолган болаларнинг бириман.
Мен яхши биламан, тумор қилмайди
Ёзган шеърларимни ошиқлар.
Мен яхши биламан, қўшиқларим жўн,
Биламан, булар бир оддий машқлар.
Лекин… кетмакдасан келажак сари
Тап тортмай қисматнинг дашт, қирларидан.
Ўзимча асрагим келади сени
Ёвузлик, хиёнат қашқирларидан.
Мен машқ бажараман, ёзаман ҳар кун
Дараклар, сўроқлар, хитобларимни.
… Сен йўл бўйи ёқиб ташлаб кетавер
Қашқирлар қўрққувчи китобларимни…
Матназар АБДУЛҲАКИМ.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz