Telegram karinform

Жәмийет

  • 30.09.2020 16:50
  • 910

Жоқары оқыў орынларында 1-курслар ушын оқыў аралықтан оқытыў тәризинде басланады

Жоқары оқыў орынларында 1-курслар ушын оқыў аралықтан оқытыў тәризинде басланады
2020-2021-оқыў жылында бакалавриат билимлендириў бағдарларында 1-курс студентлери оқыўды 12-октябрьден баслайды. Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги бас басқармасының баслығы А.Холиқов мәлим етти.

- Жоқары билимлендириўде 2020-2021-оқыў жылын аралықтан оқытыў тәризинде басладық. Биринши курс студентлери ушын да оқыў жылы аралықтан оқытыў тәризинде басланады. Биринши курсқа усыныс етилген студентлердиң ҳүжжетлери толық рәсмийлестирип болынғаннан соң 12-октябрьден баслап жоқары оқыў орынларында 3 күннен 2 ҳәптеге шекем танысыў сабақлары шөлкемлестириледи. Бул танысыў сабақлары карантин қағыйдаларына толық әмел еткен ҳалда аудиторияға 50 проценттен көп болмаған студентлерди киргизип, карантин талаплары тийкарында шөлкемлестириледи, - деди А.Холиқов.

Мәлим етилиўинше, студентлер турақ жайларына студентлер орналастырылмайды. Узақ аймақлардан Ташкенттеги жоқары оқыў орынларына оқыўға кирген студентлер ушын сол аймақтағы жоқары оқыў орнының материаллық-техникалық базасынан пайдаланған ҳалда аймақтағы жасларды жыйнап, танысыў сабақлары шөлкемлестириледи. Бунда узақ аймақларға Ташкент қаласынан жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары барып, танысыў сабақларын өтеди. Танысыў сабақлары күнине 2 жуплықтан артық болмаған ҳалда, жуплықлар арасында 10 минутлық тәнепис болады.

- Бул сабақларда жаңадан қабыл етилген студент жоқары оқыў орны ҳәм ондағы оқытыўшылар ҳәм сабақ кестелери менен таныстырылады. Бул жерде 1-курсқа қабыл етилген студентлердиң аралықтан билим алыў көнликпесин қәлиплестиремиз, - деди А.Холиқов.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған