Telegram karinform

Жәмийет

  • 02.10.2020 17:45
  • 794

«Бақсышылық – қарақалпақ халқының уллы дәстүри, оны раўажландырыў ушын барлық шараятларды жаратамыз» – Шавкат Мирзиёев

Президент Шавкат Мирзиёев 2-октябрь күни Нөкис қаласындағы Опера ҳәм бақсышылық мектеп-интернатын барып көрди. Бул ҳаққында Президент баспасөз хызмети хабар берди.

Ҳәммеге белгили, қарақалпақ халқының өзине тән бақсышылық жөнелиси бар. Ғәрезсизлик жылларында бул жерде опера да раўажланды. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық бақсылары, хызмет көрсеткен артистлер жетисип шықты.

Опера ҳәм бақсышылық мектеп-интернаты усы дәстүрди даўам еттириў, жас әўладқа жеткериўге хызмет етеди. Усы қәнигелестирилген оқыў орны өткен айда иске түсирилди. Оқыў орны 150 орынға мөлшерленген болып, оған 9-классты питкерген талантлы оқыўшы жаслар таңлаў тийкарында қабыл етиледи. Ҳәзирги ўақытта 30 ул-қыз оқыўды баслады. Оларға белгили көркем өнер шеберлери ҳәм педагоглар сабақ бермекте.

- Бундай мектеплерди шөлкемлестиргенимизден тийкарғы мақсет – тарийхымызды, мәдениятымызды терең үйрениў, өзлигимизди аңлаў. Бақсышылық – қарақалпақ халқының уллы дәстүри, оны раўажландырыў ушын барлық шараятларды жаратамыз, - деди мәмлекетимиз басшысы.
«Бақсышылық – қарақалпақ халқының уллы дәстүри, оны раўажландырыў ушын барлық шараятларды жаратамыз» – Шавкат Мирзиёев
«Бақсышылық – қарақалпақ халқының уллы дәстүри, оны раўажландырыў ушын барлық шараятларды жаратамыз» – Шавкат Мирзиёев
«Бақсышылық – қарақалпақ халқының уллы дәстүри, оны раўажландырыў ушын барлық шараятларды жаратамыз» – Шавкат Мирзиёев
«Бақсышылық – қарақалпақ халқының уллы дәстүри, оны раўажландырыў ушын барлық шараятларды жаратамыз» – Шавкат Мирзиёев

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған