Telegram karinform

Жәмийет

  • 02.10.2020 19:50
  • 858

Президент Нөкистеги «Қарақалпақ балық санаат» ЖШЖ жумыслары менен танысты ҳәм аўыл хожалығы жойбарларын көзден өткерди

Президент Шавкат Мирзиёев 2-октябрь күни Нөкис қаласындағы «Қарақалпақ балық санаат» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жумыслары менен танысты. Бул ҳаққында Президент баспасөз хызмети хабар берди.

Бул кәрхана жылына 200 тонна балық ҳәм 5 миллион дана балық личинкаларын жетистириў, 5 мың тонна азықлық жем таярлаў қуўатлылығына ийе. Кәрхана усы жыл июль айында жумыс баслады, 35 жумыс орны жаратылды.

Жойбардың әҳмийетли тәрепи сонда, кәрханада жабық сыйымлылықта интенсив усылда балық жетистириледи. Яғный, суўдан тәкирар түрде пайдаланыў арқалы көп муғдардағы суў үнемленеди. Мәселен, 200 тонна балық жетистириў ушын әпиўайы шараятта 1,5 миллион метр куб суў сарпланса, бул жерде 250 метр куб жеткиликли болады. Бул Қарақалпақстан ушын оғада әҳмийетли.

Кәрханада, сондай-ақ, қайта ислеў қуўатлылығы ҳәм музлатқыш шөлкемлестирилген.

Бул жерде аўыл хожалығы тармақларындағы жойбарлар таныстырылды. Мәмлекетимиз басшысы шарўашылықта шаңарақлық кооперацияларды жолға қойып, қусшылықты раўажландырып, гөштиң баҳасын арзанластырыў илажларын көриў әҳмийетли екенлигин атап өтти. Аймақта жер ҳәм суўдың анық есабын жүргизиў, буған мәлимлеме технологияларын енгизиў бойынша көрсетпелер берилди.
Президент Нөкистеги «Қарақалпақ балық санаат» ЖШЖ жумыслары менен танысты ҳәм аўыл хожалығы жойбарларын көзден өткерди
Президент Нөкистеги «Қарақалпақ балық санаат» ЖШЖ жумыслары менен танысты ҳәм аўыл хожалығы жойбарларын көзден өткерди
Президент Нөкистеги «Қарақалпақ балық санаат» ЖШЖ жумыслары менен танысты ҳәм аўыл хожалығы жойбарларын көзден өткерди
Президент Нөкистеги «Қарақалпақ балық санаат» ЖШЖ жумыслары менен танысты ҳәм аўыл хожалығы жойбарларын көзден өткерди

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған