Telegram karinform

Экономика

  • 06.10.2020 18:10
  • 9354

Шоманай районының социаллық-экономикалық раўажланыў дәрежеси не ушын «қанаатландырарсыз» деп баҳаланды? Районлық кеңестиң сессиясы сын көзқараста болып өтти

Шоманай районының социаллық-экономикалық раўажланыў дәрежеси не ушын «қанаатландырарсыз» деп баҳаланды? Районлық кеңестиң сессиясы сын көзқараста болып өтти
Бүгин, 6-октябрь күни Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңесиниң он үшинши сессиясы болып өтти. Сессияға Олий Мажлис Сенаты ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, сондай-ақ, жергиликли Кеңес депутатлары, секторлар, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм блогерлер қатнасты.
Шоманай районының социаллық-экономикалық раўажланыў дәрежеси не ушын «қанаатландырарсыз» деп баҳаланды? Районлық кеңестиң сессиясы сын көзқараста болып өтти
Сессия күн тәртибиндеги тийкарғы мәселе Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев басшылығында 2020-жыл 24-сентябрь күни болып өткен видеоселектор жыйналысында аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыў дәрежесин баҳалаўдың рейтинг көрсеткишлери нәтийжесине муўапық «қанаатландырарсыз» деп баҳаланған Шоманай районы сектор басшыларының жол қойған кемшиликлери бойынша халыққа мүрәжаты және орын алған кемшиликлерди сапластырыўға қаратылған ўазыйпалар бойынша «жол картасы»ның таныстырылыўына арналды.

Сессияда район ҳәкими, 1-сектор баслығы Б.Янгибаев ҳәм басқа сектор басшылары аймақта исбилерменликти қоллап-қуўатлаў арқалы санаатты раўажландырыў, бар ресурслардан пайдаланған ҳалда экономикалық көрсеткишлерди жақсылаў, халықтың мүрәжатлары менен тығыз ислесиў, машқалаларды өз ўақтында шешиў мәселелери бойынша жол қойылған кемшиликлерди атап өтти ҳәм буның ушын халқымыздан кеширим сорады.
Шоманай районының социаллық-экономикалық раўажланыў дәрежеси не ушын «қанаатландырарсыз» деп баҳаланды? Районлық кеңестиң сессиясы сын көзқараста болып өтти
Шоманай районының социаллық-экономикалық раўажланыў дәрежеси не ушын «қанаатландырарсыз» деп баҳаланды? Районлық кеңестиң сессиясы сын көзқараста болып өтти
Районда санаат өнимлериниң көлеми 2019-жылы 56 млрд 541 млн сумды қураған болып, райондағы ҳәр бир адамға 1 млн 011 мың сумнан туўра келген. Бул Қарақалпақстан Республикасының санааттағы үлесинде 0,46 процентти қураған.

Быйылғы жылдың өткен 9 айы даўамында районда 25 санаат кәрханасы жаңадан шөлкемлестирилди. Усы күнге шекем районда ири санаат кәрханасы болмаған болса, быйылғы жылдың март айында 20,9 млн долларлық, қуўатылығы 7300 тонна ийирилген жип ислеп шығаратуғын «Шоманай экотекс» кәрханасы иске түсирилди. Нәтийжеде 480 жумыссыз жүрген пуқаралар турақлы жумыс орнына ийе болды. Өткен дәўир ишинде бул кәрханада 80 млрд сумлық өним ислеп шығарылып, 2,1 млн долларлық өнимлер Қытай, Россия, Түркия ҳәм Беларусь мәмлекетлерине экспорт етилди.

Сондай-ақ, усы жылдың август айында «Лиантай ликрайс» кәрханасында толық сырт елли инвесторлардың қаржылары есабынан жойбарлық баҳасы 1,2 млн АҚШ доллары болған боян тамырын қайта ислеў арқалы жылына 400 тонна «CJA» унтағын ислеп шығарыў жолға қойылды. Бул жойбар арқалы жаңадан 60 жумыс орны жаратылды. Усы күнге шекем кәрханада 117 мың АҚШ долларлық өним экспортқа шығарылды ҳәм жыл жуўмағына шекем бул көрсеткишлерди 1,3 млн АҚШ долларына жеткериў жобаластырылған. Кәрханада келеси жылдан баслап өнимлер түри ҳәм көлемин арттырыў арқалы жылына 350 литр «Glabridin» кислотасын ислеп шығарыў жолға қойылыўы жобаластырылған болып, бул арқалы жумыс орынларының санын 120 ға жеткериў белгиленген. Бул жойбарлар арқалы кәрхананың экспорт көлемин жылына 3 млн АҚШ долларына жеткериў мүмкин болады.

Келеси 2021-жылда районда және бир ири кәрхана – «Шоманай текс» кәрханасын иске түсириў бойынша әмелий жумыслар басланған болып, жойбардың улыўмалық баҳасы 5,9 млн сумды қурайды. Бул кәрханада жылына 3,5 млн квадрат метр брезент ҳәм габардин гезлемеси ислеп шығарылыўы жобаластырылған.

Исленип атырған усындай әмелий жумыслар нәтийжесинде аймақлық санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлеми өткен жылға салыстырғанда усы жылы 2,8 есеге өсип, улыўма 165,1 млрд сумды қураўы, бул болса ҳәр бир адам санына өткен жылдағы 1 млн сум орнына 2,9 млн сумға көтерилиўи күтилмекте.

Районда санаат өнимлериниң экспорт көрсеткишлерине итибар қарататуғын болсақ:

2016-жылда 78 мың АҚШ доллары;
2019-жылда 1,6 млн АҚШ доллары;
Быйылғы жылдың өткен дәўиринде 3,6 млн АҚШ долларына тең болған.

Көринип турғанындай, экспорт көлеми 2016-жылға салыстырғанда 38 есеге артқан.

Жыл жуўмақлары бойынша бул көрсеткишлерди 5 млн АҚШ долларына жеткериў жобаластырылған.

Районда 2020-2021-жылларда баҳасы 149 млрд сумлық 72 жойбарды әмелге асырыў ҳәм 922 жаңа жумыс орнын жаратыў белгиленген.

Райондағы «Шоманай гүнжи экспо» ЖШЖ тәрепинен кластер шөлкемлестирилип, 2021-жылда пахта арасына 1000 гектар ҳәм ашық майданға 1000 гектар жерге гүнжи егиў, буннан улыўма 1800 тонна гүнжи жетистириў, оны қайта ислеў нәтийжесинде 900 тонна күнжи майын ислеп шығарыў арқалы 7 млн долларлық экспорт өнимин шығарыў жобаластырылмақта.

Сессияда жаңа исбилерменлик субъектлерин шөлкемлестириў, исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар да атап өтилди.

Районның «қанаатландырарсыз» деп баҳаланыўына тийкарғы себеплердиң бири – халықтың мүрәжатлары менен ислесиўдеги жол қойылып атырған кемшиликлер екенлиги айрықша атап өтилди. Әсиресе, сектор басшылары тәрепинен бул бағдарда системалы жумыслар толық әмелге асырылмағанлығы сын көзқарастан баҳаланды. Усы күнге шекем Халық қабыллаўханалары арқалы 32 тәкирарлы мүрәжатлар болған. Район ҳәкими ҳәм сектор басшылары бул бойынша нәтийжелиликти арттырыў, кемшиликлерди өз ўақтында сапластырыў, мүрәжатлардың шешимин қадағалаў арқалы халқымыздың мәмлекетлик басқарыў уйымларына болған исенимин еле де беккемлеўге қаратылған жумысларды белгилеп алды.

Сессияда халық депутатлары районлық Кеңесиниң депутатлары район ҳәкими ҳәм сектор басшыларына өз сайлаўшыларының мүрәжатларын ҳәм жол, балалар бақшасы, мектеп, ишимлик суўы ҳәм басқа да бағдарлардағы машқалаларын жеткерди.

Президентимиздиң жақында Қарақалпақстанға сапары даўамында раўажланыў дәрежеси төмен болған Тахтакөпир, Бозатаў ҳәм Шоманай районларында жаңадан шөлкемлестирилетуғын санаат кәрханаларына 3 жыллық мүддетке салық ҳәм бажыхана жеңилликлери берилетуғынлығы атап өтилген еди. Район ҳәкими Б.Янгибаев бул районда исбилерменликти раўажландырыў ушын үлкен имканият екенлигин атап өтип, бундай жеңилликлер нәтийжесинде ҳәзирги ўақытта жумыс алып барып атырған исбилерменлик субъектлериниң 4 млрд 157 млн сум қаржысы өзлеринде қалатуғынлығын атап өтти. Бул исбилерменлердиң өз жумысларын кеңейтиўи ушын имканият жарататуғынлығын билдирди. Өз гезегинде, район социаллық-экономикалық раўажланыў дәрежеси бойынша жыл ақырына шекем «қызыл» аймақтан «сары» аймаққа өтиўине исеним билдирди.
Шоманай районының социаллық-экономикалық раўажланыў дәрежеси не ушын «қанаатландырарсыз» деп баҳаланды? Районлық кеңестиң сессиясы сын көзқараста болып өтти
Сессия ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм блогерлер менен сораў-жуўап тәризинде даўам етти.

Ислам Матеков.

Автордың түсирген сүўретлери.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Таңғы ас не ушын керек?

Таңғы ас не ушын керек?

    Мий ушын Мағлыўматларды жақсырақ концентрациялаў ҳәм ядлаў ушын зәрүр.   Иммунитет ушын Сиз аз стресске дус

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

    Жынаят кодексиниң 139-статьясына тийкарланып, жала жабыў, яғный, билип турып басқа шахсты шерменде қылатуғын өтириклерди тарқатыў,

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Фото: Шухрат Латипов / “Gazeta.uz”   Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет...