Telegram karinform

Экономика

  • 07.10.2020 20:03
  • 1974

Нөкис районының социаллық-экономикалық раўажланыў дәрежеси сын көзқарастан көрип шығылды

Алдын хабар берилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев басшылығында 2020-жыл 24-сентябрь күни болып өткен видеоселектор жыйналысында аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыў дәрежесин баҳалаўдың рейтинг көрсеткишлери нәтийжесине муўапық Қарақалпақстан Республикасының Шоманай, Тақыятас ҳәм Нөкис районлары «қанаатландырарсыз» деп баҳаланып, ҳәр бир райондағы сектор басшыларының жол қойған кемшиликлери бойынша халыққа мүрәжаты және орын алған кемшиликлерди сапластырыўға қаратылған ўазыйпалар бойынша «жол картасы»ның таныстырылыўына арналған сессиялары болып өтпекте.
Нөкис районының социаллық-экономикалық раўажланыў дәрежеси сын көзқарастан көрип шығылды
Бүгин, 7-октябрь күни Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң он екинши сессиясы болып өтти. Сессияға Олий Мажлис Сенаты ағзалары, Нызамшылық палатасы депутатлары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ўәкиллери, сондай-ақ, жергиликли Кеңес депутатлары, секторлар, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм блогерлер қатнасты.

Сессияда район ҳәкими, 1-сектор баслығы О.Уснатдинов ҳәм барлық сектор баслықлары районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў, халықтың мүрәжатлары менен ислесиўде жол қойылған кемшиликлерди атап өтип, халқымыздан кеширим сорады ҳәм оларды сапластырыў бойынша әмелге асырылатуғын жумыслар ҳаққында кең түрде тоқталды.
Нөкис районының социаллық-экономикалық раўажланыў дәрежеси сын көзқарастан көрип шығылды
Районда өткен жылы санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлеми 68,9 млрд сумды қурап, халықтың жан басына 1 млн 386,3 сың сумнан туўры келген. Бул көрсеткиш Қарақалпақстан Республикасы көлеминде санаат өнимлери көлеминиң 0,5 процентин қураған.

Быйылғы жылы улыўмалық баҳасы 248,4 млрд сумлық 11 жаңа санаат ислеп шығарыў жойбары иске түсирилип, бул бойынша көрсеткишти 179,5 млрд сумға, халықтың жан басына есаплағанда 4 млн 914 мың сумға жеткериў жобаластырылған.
Нөкис районының социаллық-экономикалық раўажланыў дәрежеси сын көзқарастан көрип шығылды
Өткен жылы районның экспорт көрсеткишлери 5 млн 570 мың АҚШ долларын қурады. Райондағы 8 кәрхананың өнимлерин экспортқа бағдарлаў нәтийжесинде усы жылдың өткен 9 айы даўамында улыўма 3 млн 53 мың АҚШ доллары муғдарында пайда алыўға ерисилди. Бул көрсеткишлерди жыл жуўмақларына муўапық, 6 млн 600 мың АҚШ долларына жеткериў жобаластырылған.

Районда сырт ел инвестицияларының көлеми 95,1 млрд сумды қурап, соннан 60 млрд 300 млн сум тиккелей сырт ел инвесторлары тәрепинен киргизилген. Быйылғы жылы районда 121,6 млрд сумлық инвестициялар өзлестирилиўи белгиленген.

Районда мүрәжатлар менен ислесиўде жол қойылған кемшиликлер сынға алынды. 2019-жылы улыўма пуқаралардан 465 мүрәжат келип түскен болса, соннан тек ғана 16 сы, яғный 3,4 проценти қанаатландырылған. Ал быйылғы жылдың өткен дәўиринде Президент виртуал ҳәм Халық қабыллаўханалары арқалы 97 мүрәжат келип түскен болып, соннан 28 мүрәжат (28,9 процент) қанаатландырылған.

Исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў бағдарында коммерциялық банклер тәрепинен өткен жылы 524 субъектке 11 млрд 947 млн сумлық, 2020-жылдың өткен 9 айы даўамында 199 субъектке 7 млрд 153 млн сумлық кредитлер ажыратылған.

Районда 1778 киши бизнес субъектлери жумыс алып барып атырған болып, 2020-жыл жуўмақларына шекем 457 жаңа жумыс орынларын жаратыў көзде тутылған.

Район ҳәкими О.Уснатдинов аймақта исбилерменликти раўажландырыў ушын кери тәсирин тийгизип атырған факторларды атап өтти. Олар:

- районда газ басымының төменлиги себепли исбилерменлик субъектлери өз жумысларын Нөкис қаласы ҳәм Хожели районларына көшириўге мәжбүр болып атырғанлығы;

- районның магистрал ҳәм темир жоллардан узақта жайласқанлығы;

- районның географиялық жайласыўы пахта ҳәм ғәллешиликке қәнигелескенлиги себепли районда бағшылық, шарўашылық, палыз өнимлерин жетистириў, ири ыссыхана хожалықларының шөлкемлестирилмегенлиги, районда өндирилген пахта өнимлерин қайта ислеў имканиятының жоқлығы.

Усыларды есапқа алып ҳәзирги ўақытта районның 169 гектар майданында интенсив бағ шөлкемлестириў бойынша улыўмалық баҳасы 11 млрд сумлық 6 жойбарды иске түсириў жобаластырылған. «Саманбай», «Тақыркөл» АПЖлары аймағынан 200 гектарлық майданда заманагөй типтеги ыссыханаларды шөлкемлестириў бойынша жойбарлық смета ҳүжжетлери исленбекте.

«Қырантаў» АПЖ аймағында еркин экономикалық зона шөлкемлестириў усынысы ислеп шығылған болып, бул жерде улыўмалық баҳасы 12,4 млрд сумлық 15 жойбарды әмелге асырыў есабынан 126 жаңа жумыс орнын ашыў белгиленген.

2020-2021-жыллары шарўашылық, балықшылық ҳәм териден аяқ-кийим ислеп шығаратуғын 4 кластер шөлкемлестириў, бул арқалы 451 млрд сумлық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм 2573 жаңа жумыс орнын ашыў жобаластырылған.

Район ҳәкими ҳәм сектор басшылары белгиленген жумысларды нәтийжели шөлкемлестириў арқалы районның социаллық-экономикалық раўажланыўының баҳаланыўын жыл ақырына шекем «қызыл»дан «сары»ға, келеси жыл даўамында «жасыл» аймаққа айландырыўға исеним билдирди.

Сессия күн тәртибиндеги тийкарғы мәселелер усылардан ибарат болып, депутатлар ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, блогерлер менен ашық сәўбетлесиў, сораў-жуўап көринисинде даўам етти.

Ислам Матеков.

Автордың түсирген сүўретлери.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Кекселиктеги 3 жаман әдет

Кекселиктеги 3 жаман әдет

Суўды аз муғдарда ишиў, себеби адамлардың шөллеўи жасқа қарап кемейеди.   Рационда белоктың жетиспеўи, бул денсаўлыққа унамсыз...

Лаўазымлы шахслар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабылламаў жуўапкершиликке себеп болады

Лаўазымлы шахслар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабылламаў жуўапкершиликке себеп болады

    Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 43-статьясына бола, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын қабыллаў ҳәм көрип шығыўды

«Ҳаяллар дәптери»не киргизилгенлерге қандай жәрдем көрсетиледи?

«Ҳаяллар дәптери»не киргизилгенлерге қандай жәрдем көрсетиледи?

    Ҳүкиметтиң 145-санлы қарары менен тастыйықланған нызамға тийкарланып, «Ҳаяллар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў төмендеги түрлерде әмелге