Telegram karinform

Жәмийет

  • 08.10.2020 14:06
  • 737

2021-жылдан пуқаралардың жеңил автомобильде жолаўшы тасыў хызмети менен шуғылланыўына рухсат берилиўи мүмкин

2021-жылдан пуқаралардың жеңил автомобильде жолаўшы тасыў хызмети менен шуғылланыўына рухсат берилиўи мүмкин
Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жасырын экономиканы кескин қысқартыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының жойбарында белгиленген. Қарар жойбары Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын додалаў порталында жәрияланды.

Жойбарға муўапық, 2021-жыл 1-январьдан:

- Физикалық тәреплерге өзин-өзи бәнт еткен тәреплер сыпатында 5 адамнан көп болмаған орынлы (транспорт басқарыўшысын есапқа алған ҳалда) жеңил автомобиль транспортында тасыў хызметин әмелге асырыўға рухсат бериледи.

Бунда өзин-өзи бәнт еткен тәреплер жеңил автомобиль транспортында жолаўшыларды тасыў хызметин мобиль қосымшалар – агрегаторлар арқалы әмелге асырғанында алынған дәраматларына социаллық салықты төлеў менен бирге физикалық тәреплерден дәрамат салығы белгиленген төлеў ставкасы бойынша алынған дәрамат суммасы 50 процентке кемейтилген ҳалда салық салынады.

Жойбарды додалаў 23-октябрьге шекем даўам етеди. Бул аралықта оған өзгерис киргизилиўи ямаса бийкар етилиўи де мүмкин.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы