Telegram karinform

Сиясат

  • 09.10.2020 13:20
  • 1419

Онлайн. Нөкисте Олий Мажлис Сенаты ағзалығына сайлаў болып өтпекте

Онлайн. Нөкисте Олий Мажлис Сенаты ағзалығына сайлаў болып өтпекте
Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзаларын сайлаў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслери депутатларының қоспа мәжилиси болып өтпекте. Бул ҳаққында ҚР Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети хабар берди.

Қоспа мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов кирис сөз бенен ашты.

Оннан соң Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы баслығының орынбасары М.Истамов Сайлаў кодексине муўапық Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзаларын сайлаў бойынша сайлаўды өткериў тәртип-қағыйдаларына тоқтап өтти.

Қоспа мәжилис жумысын тәмийинлеў ҳәм жүргизиў ушын жумысшы қурамы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзалығына талабанлар көрсетиў бойынша Мәсләҳәт кеңеси, мәжилис секретариаты, есап-санақ комиссиясының ағзалары ашық даўыс бериў жолы менен сайлап алынды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслери депутатларынан сайланған Мәсләҳәт кеңеси ағзаларының басқа бөлмеде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзалығына талабанлар көрсетиў бойынша мәжилиси болып өтти.

Мәсләҳәт кеңесиниң баслығы 56-«Бердақ» сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Б.Абдуллаев мәжилисте қабыл етилген қарар бойынша мәлимлеме берди. Сенат ағзаларын сайлаў бойынша өткерилетуғын жасырын даўыс бериў бюллетенине киргизиў ушын таңлап алынған депутатлардың кандидатурасы қоспа мәжилис додалаўына усынылды.

Қоспа мәжилис Мәсләҳәт кеңеси тәрепинен Сенат ағзаларын сайлаў бойынша сайлаў бюллетенине киргизиў ушын 45-санлы «Шоманай» сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, Қарақалпақстан Республикасы Кәсиплик аўқамы шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси баслығы У.Жалменов ҳәм 63-санлы «Қаракөл» сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камаловлар усынылды.

Депутатларға талабанлардың ҳәр бириниң мийнет жолы, турмыслық тәжирийбеси, исшеңлик, шөлкемлестириўшилик пазыйлетлери бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Мәсләҳәт кеңеси тәрепинен усынылған депутатлардың кандидатурасын жасырын даўыс бериў бюллетенине киргизиў бойынша қарар қабыл етилди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Уқсас жаңалықлар

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

        АҚШтың студентлик ҳәм басқа түрдеги визаларын алажақ болған адамлардың социаллық тармақлары тексериледи. Мәмлекетлик хаткер Марко

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

        Жасалма интеллект технологияларының раўажланыўы себепли көплеген кәсиплер жоқ болып кетеди. Бул мәселеге Microsoft компаниясының тийкарын

Газ ҳәм электр энергиясы тарифлериниң артыўы 1-майға шекем кешиктирилди

Газ ҳәм электр энергиясы тарифлериниң артыўы 1-майға шекем кешиктирилди

    Президент ҳүкиметке газ ҳәм электр энергиясы тарифлерин арттырыўды 1-майға шекем кешиктириўди тапсырды. Алдын 1-апрельге белгиленген