Telegram karinform

Жәмийет

  • 12.10.2020 15:21
  • 830

1-курс студентлерин оқыў процеси менен таныстырыў ҳәптелиги басланды

1-курс студентлерин оқыў процеси менен таныстырыў ҳәптелиги басланды
Бүгин, 12-октябрь күнинен республикамыздағы барлық жоқары оқыў орынларында 2020-2021-оқыў жылы ушын өткерилген кириў имтиханлары нәтийжелерине муўапық студентликке усыныс етилгенлер ушын оқыў процеси менен таныстырыў ҳәптелиги басланды.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында арнаўлы график тийкарында таныстырыў сабақлары дәстүрий формада шөлкемлестирилмекте. Графикке муўапық, бундай сабақлар ҳәр бир топар ушын 3 күннен көп болмаған ўақытта әмелге асырыў белгиленген. Таныстырыў сабақлары күнине 2 жуплықтан, ҳәр жуплық арасында 10 минутлық тәнепис пенен екиге бөлинип өтилмекте.
1-курс студентлерин оқыў процеси менен таныстырыў ҳәптелиги басланды
- Таныстырыў сабақларында 1-курс студентлерине институт тарийхы, оқыў процесин шөлкемлестириў тәртиби, төлемли контракт шәртлери, өтилетуғын сабақлар, профессор-оқытыўшылар ҳаққында улыўма мағлыўматлар берилмекте, - дейди институттың оқыў ислери бойынша проректоры М.Жумамуратов. – Сондай-ақ, студентлерге аралықтан оқытыў системасы ҳәм оннан пайдаланыў платформасы, аралықтан шөлкемлестирилетуғын сабақларға қатнасыў бойынша семинарлар өтилип, көнликпелер берилмекте.

Профессор-оқытыўшылар «COVID-19» коронавирус тексериўинен өткерилип, терис нәтийже көрсеткен оқытыўшылар таныстырыў сабақларында студентлерге сабақ өтпекте.
1-курс студентлерин оқыў процеси менен таныстырыў ҳәптелиги басланды
Карантин талапларына муўапық, аудиторияларды сабақлар басланбастан алдын ҳәм сабақлар жуўмақланғаннан кейин дезинфекциялаў, парталар ҳәм отырғышлардың тегис бетлерин арнаўлы дезинфекциялық затлар менен тазалаў жумыслары жолға қойылған.

Таныстырыў сабақлары жуўмақланғаннан соң аралықтан оқытыў арқалы студентлерге оқыў жобасында белгиленген пәнлер бойынша онлайн сабақлар басланыўы жобаластырылған.

Мағлыўмат ушын, быйылғы оқыў жылында Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына улыўма бакалавриаттың күндизги тәлим бағдарларына 2125, сыртқыға 1400 ҳәм кешки тәлим бағдарларына 100 студент қабыл етилди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған