Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 12-октябрьдеги №646 қарарына муўапық, 2020-жыл 1-декабрьден баслап басқышпа-басқыш бакалавриат тәлим бағдарларына сәйкес пәнлер комплексиндеги улыўма билим бериў пәнлеринен билиў дәрежесин баҳалаўдың миллий тест системасы енгизиледи.
Қарарға муўапық, 2021-2022-оқыў жылы қабыллаўынан баслап тийисли улыўма билим бериў пәнин (шет тили буған кирмейди) билиў дәрежеси ҳаққында мәмлекетлик үлгидеги сертификатқа ийе болған абитуриентке сертификаттағы өзлестириў процентине сәйкес рәўиште жоқары оқыў орнының бакалавриатына оқыўға қабыллаў бойынша тест сынақларында усы пәннен белгиленген максимал баллға салыстырғанда пропорционал балл бериў тәртиби енгизиледи.
Улыўма билим бериў пәнлери бойынша сертификатлаў төмендеги мүддетлерде енгизиледи:
- 2020-жыл 1-декабрьде ана тили ҳәм әдебияты (өзбек тили ҳәм әдебияты, рус тили ҳәм әдебияты, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты) және математика пәнлери бойынша;
- 2021-жыл 1-февральда химия ҳәм биология пәнлери бойынша;
- 2022-2024-жылларда физика, география ҳәм тарийх пәнлери бойынша.
Сертификат бериў ушын дүзилетуғын тест сынақлары Халық билимлендириў министрлиги ҳәм Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясы тәрепинен ислеп шығылады.
Сертификат бериў ушын талабаннан арза берилген күндеги базалық есаплаў муғдарының 1,5 есеси муғдарында төлем өндириледи.
Сертификат тест сынағы нәтийжеси бойынша ең жоқары баллдың кеминде 60 процентин топлаған адамларға 3 жыллық мүддетке бериледи.
Талабан тест сынағында қатнасыў ушын Мәмлекетлик тест орайының рәсмий веб-сайтында дизимге алынады ҳәм жеке кабинети арқалы керекли ҳүжжетлерди жүклейди.
Тест сынағы бланкаларда ямаса компьютерде (онлайн платформада) алыныўы мүмкин.
Сертификат тест сынағынан жақсы нәтийжеге ерискен талабанға тест сынағы нәтийжелери жәрияланған күннен баслап бир ҳәпте даўамында Мәмлекетлик тест орайы директорының буйрығы тийкарында электрон формада бериледи. Талабан сертификатты жеке кабинети арқалы жүклеп алыўы мүмкин.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz