Быйылғы жылда Елликқала районында 3 гектарлық майданда заманагөй лимоншылық ыссыханасы шөлкемлестирилди.
Район ҳәкимлиги мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, «Гүлдирсин» АПЖ аймағындағы «Умидбек-Одилбек» ЖШЖға қараслы ыссыханада ерте бәҳәрде Ферғана ўәлаятының Қоқанд қаласынан 2500 түп лимон нәллери алып келинип, отырғызылды.
Заманагөй типтеги лимоншылық ыссыханасының жойбарлық баҳасы 1275,5 мың АҚШ долларын қурайды. Ҳәзирги ўақытта лимон нәллери ыссыхананың 2 гектарлық майданына отырғызылып, тәрбияланып атырған болса, тез арада қалған бөлегине де нәл отырғызыў ушын таярланбақта.
Ыссыхананың иске түсиўи менен улыўма 85 жаңа жумыс орны жаратылады. Алдағы ўақытларда жылына орташа 468160,0 АҚШ доллары муғдарында пайда алыў жобаластырылмақта.
Сондай-ақ, райондағы «Қырққызабат» АПЖ аймағындағы «Чайка азаматы» шарўашылық бағдарындағы фермер хожалығына 2 млрд 500 млн сумлық кредит қаржылары есабынан Германия мәмлекетинен «Симменталь» нәсилли 92 бас қарамал алып келинди.
Әҳмийетли тәрепи, алып келинген нәсилли қарамаллардан биреўи нәсилли өгиз болып, алдағы ўақытларда нәсилли қарамалларды көбейтиў, бул арқалы фермер хожалығында жаңа жумыс орынларын жаратыў жобаластырылған.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz