Telegram karinform

Жәмийет

  • 16.10.2020 15:37
  • 1088

Контракт ушын квоталар Президент қарары менен белгиленбейди

Контракт ушын квоталар Президент қарары менен белгиленбейди
Келеси оқыў жылынан баслап тек ғана мәмлекетлик грант тийкарындағы қабыллаў көрсеткишлери Президент қарары тийкарында белгиленеди. Төлемли контракт бойынша қабыллаў квотасын жоқары оқыў орынлары еркин түрде белгилейди.

Президент пәрманына муўапық, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен жуўапкер министрлик ҳәм ведомостволар менен биргеликте 2020-жыл 1-декабрьге шекем:

- жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыллаўдың мәмлекетлик буйыртпасы параметрлеринде тек ғана мәмлекетлик грант тийкарындағы қабыллаў көрсеткишлерин белгилеў;

- төлемли контракт тийкарындағы қабыллаў көрсеткишлерин жоқары оқыў орынлары тәрепинен еркин белгилеў. Бунда төлемли контракт тийкарындағы қабыллаў көрсеткишлери Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен белгиленген муғдардан кем болмаўы керек;

- қәбилетли студентлерди мәмлекетлик емес жоқары оқыў орынларында да мәмлекетлик грант тийкарында оқытыў;

- айрықша қәбилет талап етилетуғын бакалавриат тәлим бағдарларына оқыўға қабыллаў ушын кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлары менен бирге мәжбүрий үш – ана тили (өзбек, рус ямаса қарақалпақ тили), математика ҳәм Өзбекстан тарийхы пәнлери бойынша тест сынақларын тапсырыў тәртибин енгизиў бойынша Ҳүкиметке тийкарланған усынысларды береди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған