Telegram karinform

Жәмийет

  • 16.10.2020 16:35
  • 1617

Денсаўлықты сақлаў шөлкеми «Ремдесивир» препаратының коронавирустан өлимшилик жағдайына болған тәсирине қандай баҳа берди?

Денсаўлықты сақлаў шөлкеми «Ремдесивир» препаратының коронавирустан өлимшилик жағдайына болған тәсирине қандай баҳа берди?
Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми коронавирус пенен наўқасланған адамларды емлеўде қолланылатуғын белгили ремдесивир препаратының нәтийжелилигин баҳалады. Бул ҳаққында «Financial Times» баслымы изертлеўлерге тийкарланып хабар берди.

Солай етип, қәнигелер препарат «COVID-19»дан өлимшилик дәрежесин азайтыўға минимал тәсир көрсетеди, деген жуўмаққа келди.

«Мәлим болыўынша, ремдесивир, гидроксихлорохин, лопинавир ҳәм интерферон препаратларын қолланған емлеў схемалары емлеўханаларда наўқаслардың өлимине дерлик тәсир көрсетпеди», - деп жазбақта басылым изертлеў ҳүжжетлерине тийкарланып.

Атап айтқанда, препарат емлениў ушын өкпени жасалма самаллатыўды талап ететуғын наўқаслар санының азайыўын тәмийинлемеген.

Изертлеў 11 мыңнан аслам наўқасты емлеў материаллары бойынша өткерилген, бирақ бул елеге шекем танысыў басқышынан өтпеген. «COVID-19»ға қарсы төрт дәриниң сынағы Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң «Бирлик» халықаралық көп орайлы рандомизацияланған клиникалық изертлеўи шеңберинде өткерилген.

Октябрь айының басында коронавирусқа шалынған АҚШ Президенти Дональд Трамп та ремдесивир дәрисин қабыллаған еди.

Июль айында Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң бас илимий хызметкери Сумия Сваминатан коронавирусқа қарсы бирден-бир үмит беретуғын дәрини айтқан еди. Оның атап өтиўинше, вирусқа қарсы препаратларды тексериўде тек ғана ремдесивир «COVID-19»ға қарсы нәтийже берген. Оның билдириўинше, бул дәри емлеўханаға жатқарыў көрсеткишлери азайтқан.

Мағлыўмат ушын, ремдесивир препараты Өзбекстанда да коронавирусқа шалынғанларды емлеўде қолланылмақта.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Уқсас жаңалықлар

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

        АҚШтың студентлик ҳәм басқа түрдеги визаларын алажақ болған адамлардың социаллық тармақлары тексериледи. Мәмлекетлик хаткер Марко

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

        Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мүбәрек Рамазан ҳайыты қарсаңында халқымызға тән жақсылық, кеңпейиллик, адамгершилик, мийрим-шәпәәт

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

    ️Енди жоқары курслардағы өзлестириўи жақсы ҳәм социаллық белсенди студентлер толық ямаса белгили бир бөлеги муғдарында