Telegram karinform

Жәмийет

  • 19.10.2020 13:13
  • 1356

Нөкисте жаңа институт шөлкемлестириледи. Қарақалпақстанлы студентлер ушын мәмлекетлик стипендиялар енгизиледи

Нөкисте жаңа институт шөлкемлестириледи. Қарақалпақстанлы студентлер ушын мәмлекетлик стипендиялар енгизиледи
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтиң 2020-жыл 2-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында және Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз сегизинши сессиясында берилген тапсырмалар ҳәм кеңейтилген тәризде өткерилген мәжилис протоколы қарарына муўапық, ӨзР Мәденият министрлигине тийисли министрлик ҳәм ведомостволар менен биргеликте 3 ай мүддетте Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясының Нөкис филиалын шөлкемлестириў бойынша Ҳүкиметлик қарар жойбарын ислеп шығыў ўазыйпасы жүклетилген.

Сондай-ақ, усы ҳүжжет тийкарында 2021-2022-оқыў жылынан баслап Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң Нөкис филиалы негизинде Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институты шөлкемлестириледи.

Қарақалпақстан Республикасындағы жоқары оқыў орынларында оқып атырған қәбилетли жасларды хошаметлеў мақсетинде Қарақалпақ халқының атақлы тулғалары атындағы мәмлекетлик стипендиялар шөлкемлестириледи.

Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң бюджеттен тыс қаржылары есабынан университет жанында илимий-изертлеў, билимлендириў, әмелият ҳәм өндириске бағдарлаў процеслерин өз ишине алатуғын «Химиялық технология» илимий-технологиялық лаборатория кластери шөлкемлестириледи.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған