1915-жыл декабрь айы ақырларында Хийўа ханы Испандиярханның Николай II тәрепинен тахт мийрасхоры етип белгиленген жалғыз улы Темирғазы Төре қайтыс болады. Усы мүнәсибет пенен хан 40 күн даўамында улына аза тутып, мәмлекетлик жумыслар менен шуғылланбайтуғынлығын мәлим етеди. Бул өзине тән «аза»ны хан айшы-ишретте, ишиўшиликте ҳәм бузықлықта өткизеди.
Өзине жақын болған ўәзирлер Матвафо Бақолов, Ашир Маҳрам ҳәм Абдуллабайлардың мәсләҳәти менен хан өз ҳәмелдарларына ҳәр күни хан сарайына бир-бирден қызларды гезеги менен алып келиўди төмендеги тәртипте бөлип шықты: өзбеклерден 10, қарақалпақлардан 10, қазақлардан 10 ҳәм түркменлерден 10 қызды келтирип турыўға буйрық берди.
1916-жыл январь айының биринши күнлеринде хан сарайына еки қыз алып келинген: олардың биреўиниң жасы 15те болып, исми Енежан еди. Ол Хожели қаласында жасаўшы, миллети қарақалпақ болған қассап Доснияз Юсуповтың қызы еди. Айман исмли екинши қыздың жасы 14 те болып, ол Маңғыт аўылында жасаўшы, миллети өзбек, темирши өнермент Жаббор Полвоновтың қызы еди. Бир неше күннен соң еки қыздың өли денеси жасырын тәризде ата-аналарына алып барылған. Олардың екеўи де ханның жаўызлық ҳийлелерине қатты қарсылық көрсеткенлиги ушын хан ҳәреминде өлтирилген. Ишиўшиликтен мәс болған хан қызлардың бирин өз қолы менен буўып өлтирген болса, екиншисин ханның тәўиби зәҳәр берип өлтирген.
Испандияр ханның ҳәремине бекликлерден қызлар топлаў ҳаққындағы пәрманы халық арасында көтерилис басланып кетиўине түртки болды. Ханның бундай иплас ис-ҳәрекетлери халықтың сабыр-тақатын түўести.
1916-жыл басларында Испандияр ханның Хийўадағы ҳәреминде 9 «нызамлы» ҳаялы, ҳәремнен тысқары пайтахттың өзинде және 50 ге жақын «нызамсыз» ҳаяллары бар еди. Буның менен қанаатланбастан хан өзине дерек адамларын ҳәр жаққа жиберип қала ҳәм аўыллардан қызлар жыйнатты. Кимде-ким наразылық билдиретуғын болса, ханның адамлары оны өлтирди.
Халық арасында айтылатуғын және мынандай әпсана бар: Испандияр хан мерез кеселлиги менен наўқасланады. Сарай тәўиплериниң мәсләҳәти менен кеселликтен қутылыў ушын 40 қыз жыйнап келиў ҳаққында хан хызметкерлери буйрық алады. Хожелиден 20 қыз әкелиўге таярлық көриледи. Қызлардың ата-аналары перзентлерин бундай шерменделиктен қутқарыў ушын ханның адамлары келмесинен бир күн алдын қызларына еркеклер кийимин кийдирип, Әмиўдәрьяның оң тәрепинен Нөкиске жөнетеди. Дәрьядан өтиўде қызлар минген кеме Әмиўдәрьяның күшли толқыны менен аўдарылып 16 қыз суўға ғарқ болады. Ертесине усы кеўилсиз ҳәдийсе себепли хожелишилер аза тутады. Ханның қыз жыйыўшы хызметкерлери келген ўақта халық оларға ҳүжим етеди.
1916-жылдың 8-январында Хожели беклигинде түркмен феодаллары және қызларды мәжбүрлеп алып кетиўи мүмкин, деген хабар менен Хожели қаласы, оған жақын аймақлардағы дийқанлар көтерилис баслайды.
Көтерилисшилер Хожели беги Әўезжан хожаның үйине барады.
1916-жыл 14-январьда Хожели беги Әўезжан хожа 300-500 шамасындағы көтерилисшилер менен Хийўаға жол алды. Оларға Қыпшақ, Маңғыт, Порсы, Кет, Тасқышлақ ҳәм басқа жерлердеги көтерилисшилер де қосылып, олардың саны 2000-3000ға жетеди.
Усы көтерилиске хожелиши Әўезжан басшылық етти. Бирақ, көтерилис Россия патшасы ўәкили Галкин әскерлери тәрепинен аяўсыз бастырылып, көтерилиске басшылық еткен 11 адам дарға асылады. Тарийхта 1916-жыл ўақыяларын халық «Галкин жылы» деп те атайды. Дарға асылғанлардан бири Әўезжан болып, қосық оған аталған еди.
Халық Әўезжан естелигине бағышлап усы қосық пенен бирге нама да дөретти:
Әўезжанлар там басында жатыпты,
Мәдели белбеўи қанға батыпты,
Залым патша тум-тусынан атыпты,
Әрман менен шейит өлген Әўезжан.
Әўезжанның егип кеткен таллары,
Қыйын болды балларының ҳаллары,
Патшалық болыпты жыйған маллары,
Әрман менен шейит өлген Әўезжан.
Әўезжанның қырманлары бос қалды,
Сайлап минген аты және бос қалды,
Әмет ҳәмде Юсип балаң жас қалды,
Әрман менен шейит өлди Әўезжан.
Әўезжан өлгенде ерик писпеди,
Дарға асқанда аяқ-қолы испеди,
Ағайин-туўғаны көзге түспеди,
Әрман менен шейит өлген Әўезжан.
Мал базар тейинде үш ағаш қурған,
Үш ағаш бойында тербелип турған,
Беллери бир қысым мәдели буўған,
Халық ушын шейит өлген Әўезжан.
Солай етип, «Әўезжан» тарийхый қосығы әпиўайы гимн емес, ал 1916-жылғы Хийўа ханына қарсы көтерилген көтерилис пенен байланыслы. 1916-жылғы Хийўадағы өзбек, қарақалпақ мийнеткешлериниң көтерилиўине алып келген тийкарғы себеп Испандияр хан ҳәм оның тәрепдарлары нәпсисин қандырыў жолында Хийўадағы ҳәремине мудамы қызларды мәжбүрлеп алып кетиўи болды.
Сүўреттеги имарат Хожели қаласында жайласқан болып, 1916-жылғы қыз салығына қарсы шыққан көтерилисшилердиң баслаўшылары (11 адам), соның ишинде Әўезжан хожа да усы жерде дарға асылады.
Есимқан Қанаатов, НМПИ докторанты.
Ҳәким Өтегенов, ҚМУ Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан тарийхы кафедрасы оқытыўшысы.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz