Telegram karinform

Жәмийет

  • 21.10.2020 18:30
  • 893

НМПИ оқытыўшылары тәрепинен исленген сабақлық ҳәм электрон қолланбалар республикалық таңлаўда 1-орынға ылайық деп табылды

НМПИ оқытыўшылары тәрепинен исленген сабақлық ҳәм электрон қолланбалар республикалық таңлаўда 1-орынға ылайық деп табылды
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң Мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаменти ҳәм Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен биргеликте өткерилген «Өзбек тилин оқытыўдың ең жақсы методикасы» таңлаўында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты түркий тиллер факультети өзбек тили кафедрасының оқытыўшылары Шаҳло Юлдашева, Дурдона Қабулова ҳәм Гулара Юсупова I дәрежели диплом менен сыйлықланды.

Институт профессор-оқытыўшылары бул таңлаўда «Ўзбек тили» сабақлығы, «Имло қоидаларини ўрганамиз» электрон оқыў басылымы ҳәм «Саводхон» мобиль қосымшасы ушын сыйлақланды.

- Таңлаўдың өткерилиўи жоқары оқыў орынларында өзбек тилин оқытыўдың жаңа ҳәм нәтийжели методлары бойынша илимий излениў алып барыў, алдынғы педагогикалық технологияларды кең түрде енгизиў, заманагөй оқытыў ҳәм баҳалаў критерияларын ислеп шығыў, мәмлекетлик тилге байланыслы машқалаларды шешиўде дөретиўшилик қатнасты раўажландырыўға хызмет етеди, - дейди педагогика илимлериниң кандидаты, доцент Шаҳло Юлдашева.

Авторлар тәрепинен исленген сабақлық Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң Мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаменти фонды қаржылары есабынан баспадан шығарылатуғын болды.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен базалық есаплаў муғдарының 50 есеси муғдарында ақшалай сыйлықланды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

Уқсас жаңалықлар

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған