2020-2021-оқыў жылынан баслап жоқары оқыў орынларында төлемли контракт тийкарында оқып атырған студентлер оқыў ушын төлемлерди тең үлеслерде төрт бөлип, төмендеги мүддетлерде әмелге асырыўы мүмкин. Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң мәлимлеме хызметине тийкарланып Қарақалпақстан хабар агентлиги хабар бермекте.
Атап айтқанда:
- белгиленген төлем муғдарының кеминде 25 процентин студентликке усыныс етилген абитуриентлер ушын 15-сентябрьге шекем ямаса Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиў бойынша Мәмлекетлик комиссия тәрепинен белгиленген мүддетке шекем және екинши ҳәм оннан кейинги басқыш студентлери ушын 1-октябрьге шекем ямаса жоқары оқыў орнының ректоры (филиал директоры) тәрепинен создырылған мүддетлерге шекем;
- белгиленген төлем муғдарының кеминде 50 проценти 1-январьға шекем, 75 проценти 1-апрельге шекем ҳәм 100 проценти 1-июльге шекем ямаса жоқары оқыў орнының ректоры (филиал директоры) тәрепинен белгиленген мүддетлерге шекем;
- дифференцияластырылған (еселенген ямаса «супер контракт») төлемли контракт тийкарында студентликке усыныс етилген абитуриентлерге оқыў жылының биринши ярымы ушын төлемлерди әмелге асырыў мүддети ҳәм муғдарлары Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиў бойынша Мәмлекетлик комиссия тәрепинен ҳәм қалған бөлеги жоқары оқыў орнының ректоры (филиал директоры) тәрепинен белгиленген мүддетлерге шекем әмелге асырылады.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz