Telegram karinform

Экономика

  • 23.10.2020 12:36
  • 1153

Шымбайда не ушын банкке 50 миллион сумнан аслам муғдарда жәрийма белгиленди?

Шымбайда не ушын банкке 50 миллион сумнан аслам муғдарда жәрийма белгиленди?
Мәжбүрий орынлаў бюросы Шымбай районлық бөлими ис жүргизиўиндеги Шымбай районлар аралық экономикалық суды тәрепинен шығарылған улыўма 9 орынлаў ҳүжжетлерине тийкарланып райондағы ири кәрханалардың биринен Шымбай районы мәмлекетлик салық инспекциясы пайдасына 10 млрд 06 млн 324,3 мың сум муғдарындағы салық қарыздарлығын өндириў белгиленген еди.

Бюроның ҚР басқармасы баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, усы орынлаў ҳүжжети бөлимге келип түскен күннен баслап тийисли тәртипте орынлаў ҳәрекетлери алып барылған ҳәм нәўбети менен қарыздар жәмийеттиң АКБ «Агро банк» Шымбай филиалындағы есап-бетлерине 9 инкассо тапсырмасы қойылған.

Бираз мүддет өткеннен кейин усы инкассо тапсырмаларының орынланыўын тәмийинлеў үйренилгенде банк жуўапкерлери тәрепинен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерде белгиленген талаплар бир неше мәрте бузылғаны анықланды.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Орайлық банк Басқарыўы, Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик салық комитетиниң 12.12.2011-жылдағы қарары менен тастыйықланған «Хожалық басқарыўшы субъектлердиң банк есап-бетлеринен пул қаржыларын есаптан шығарыў тәртиби ҳаққында»ғы 2342-санлы инструкциясының 5-бәнти б-киши бәнтинде хожалық басқарыўшы субъекттиң тийкарғы есап-бети ашылған банкте 2-санлы картотека болған жағдайларда биринши ҳәм екинши гезектеги өндириўдиң избе-излиги әмелге асырылыўы анық етип көрсетилген болса да, банк жуўапкерлери тәрепинен усы талаплар системалы түрде бузылып келинген.

Қарыздар кәрхананың тийкарғы есап-бетине келип түскен пул қаржыларын инкассо тапсырмасына тийкарланып Бюроның депозит есап-бетине жибериўдиң орнына банк жуўапкерлери 49 жағдайда 39 млн 451,9 мың сум муғдарында банк комиссиялық төлемлери ушын, 133 жағдайда 327 млн 617,1 мың сум кәрхана мүтәжликлери ушын ҳәм 2 жағдайда 66 млн 978,9 мың сум пул қаржыларын усы қарыздар кәрхананың АКБ «Агро банк» Шымбай филиалы алдындағы кредит қарыздарлығы ушын өткергенлиги анықланды.

Өзбекстан Республикасы «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында»ғы Нызамның 81-статьясында «орынлаў ҳүжжети тапсырылған банк ямаса басқа кредит шөлкеми, пул қаржыларын өндириў ҳаққындағы орынлаў ҳүжжетин орынламағаны ушын оларға экономикалық суд тәрепинен өндирилиўи зәрүр болған сумманың елиў процентине шекемги муғдарда жәрийма салынады» деп көрсетилген.

Сол себепли, бул жағдай Бюроның районлық бөлими тәрепинен тийисли тәртипте рәсмийлестирилип, Шымбай районлар аралық экономикалық судына өткерилди ҳәм суд қарарына тийкарланып Мәжбүрий орынлаў бюросы Шымбай районлық бөлими пайдасына Өзбекстан Республикасы АКБ «Агро банк» банкине 50 млн 031,6 мың сум муғдарында финанслық жәрийма қолланылды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Таңғы ас не ушын керек?

Таңғы ас не ушын керек?

    Мий ушын Мағлыўматларды жақсырақ концентрациялаў ҳәм ядлаў ушын зәрүр.   Иммунитет ушын Сиз аз стресске дус

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

    Жынаят кодексиниң 139-статьясына тийкарланып, жала жабыў, яғный, билип турып басқа шахсты шерменде қылатуғын өтириклерди тарқатыў,

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Фото: Шухрат Латипов / “Gazeta.uz”   Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет...