Telegram karinform

Мәденият

  • 23.10.2020 15:10
  • 2361

Қарақалпақ əдебияты Əзербайжанда үгит-нəсиятланбақта (тарийхый-мəдений байланыслар ҳəм келешекке қойылған қəдемлер)

Қарақалпақ əдебияты Əзербайжанда үгит-нəсиятланбақта (тарийхый-мəдений байланыслар ҳəм келешекке қойылған қəдемлер)

ХХІ әсир – халқымыздың дүнья кеңислигине шығыўына кең имканиятлар жаратты. Жаңа жүзжыллық – «информация әсири» сыпатында баҳаланбақта. Ҳәзирги мәҳәлде мəмлекетлер ортасындағы қарым-қатнасықлар да дурыс жолға қойылып киятыр. Нəтийжеде туўысқан халықлар менен болған мəдений байланыслар шеңбери күн санап кеңейип барыўда. Соңғы жыллар шегинде қарақалпақ əдебиятының алыс ҳəм жақын шет еллерде үйренилиўи де усылар қатарына жатады. Əсиресе, кейинги ўақытларда қарақалпақ халқының əдебий мийрасларының Əзербайжан мəмлекетинде кеңнен үгит-нəсиятланыўы жəмийетшиликтиң дыққатын тартып отырған итибарлы жаңалықлардан болып саналады. Бундай басламалар əзел-əзелден тарийхы тарийхына тутас, турмыс тəризи ҳəм тəғдири уқсас туўысқанлық байланыслардың жаңа заманда жаңаша түс алғанлығының көриниси екенлиги шубҳасыз.

Əзербайжан-қарақалпақ халқы ортасындағы тарийхый байланыслар ҳəм соңғы ўақытта əмелге асырылған мəдений жаңалықлар ҳаққында жақыннан танысыў нийетинде хабаршымыз Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының әдебий мәсләҳәтшиси, фольклортаныўшы илимпаз Əмирлан Сейдин Елсүйер улы менен сəўбетлескен еди.

ХАБАРШЫ: ─ Сейдин аға, Əзербайжан мәмлекети – биз бенен баўырлас еллердиң бири екенлиги белгили. Әзери халқы Уллы Туран журтының бир буўыны сыпатында өзиниң әййемги тарийхына ийе. Әзербайжан үлкесиниң өтмиши ҳәм бизиң халқымыз бенен болған тарийхый және әдебий-мәдений байланыслары ҳаққында қысқаша айтып берсеңиз.

─ Сейдин ӘМИРЛАН:
Әзербайжан – Каспий теңизиниң батыс жағалаўында жайласқан мəмлекет. Бул аймақта ертеде кадусий, кəспий, албан қəўимлери жасаған. Бизиң заманымыздан бурынғы 3-2 əсирлерде ҳəзирги Əзербайжан жерлеринде «Албания» деп аталған патшалық ҳүкимиранлық еткен. Оның халқының көпшилиги отқа сыйыныўшылар болған. «Əзербайжан» атамасының келип шығыўы да ески грекше «от сақлаўшылар журты» деген түсиник пенен байланыстырылады. Жергиликли тилде «əзери» деп аталыўшы əзербайжанлылар болса, өзлерин «от алып жүриўшилер» сыпатында түсинеди. Бүгинги Əзербайжан мəмлекети уранының «Oдлар йурду», бизиңше «Отлар журты» деп аталыўы да сол уғымлар менен сабақлас.

Əзербайжан үлкесине оғыз-қыпшақлардан ибарат түрки қəўимлериниң көплеп көшип барыўы ХΙ əсир басында Қаратийин, соңынан Қайтпас ҳəм Əлип Арыслан баслаған Селжүклер бийлиги тусында болды. ХΙ-ХΙΙΙ əсирлер «əзери» этносының қəлиплесиў дəўирлери болып есапланады. ХΙV əcирде ол аймақтың жалайырлар ҳəм қарақойлылар қол астында болыўы да жергиликли халықлардың этноқурамына бираз өзгерислер киргизди. Сол дəўирлерде қарақалпақлар менен түркименлердиң де гейпара топарлары əзербайжанлыларға араласқан. Олар ҳəзирге шекем өзлериниң түп шығысын умытпаған ҳəм базыбир этникалық белгилерин жойытпаған. Орайлық Азияда жасаўшы қарақалпақлардың айырым бөлеклериниң еслеўлеринде де ертеде өз ата-бабаларының əпсанаўий «Қап таўы» ямаса «Гөҳи Қап» деп аталатуғын журтта, яғный Қазылық жеринде жасағанлығы ҳаққындағы тарийхый гүрриңлер елеге дейин айтылып келмекте. Əзербайжан зəмининде болса, қарақалпақ этнонимлерин еске түсиретуғын бирқанша атамалар сақланып қалған. Мәселен, орысша Баку, ал әзери тилинде Бақы деп аталатуғын Әзербайжан мәмлекети пайтахтының атамасы қарақалпақтың усы аттағы: бақы, бақылыхожа, бақылы-қытай сыяқлы этнонимлери менен тиккелей байланысады. Бақы қаласы қасында Мәжек атамасындағы аўыл да жайласқан. Қарақалпақтың қытай арысынан тарайтуғын бақы-қайшылы ҳәм мәжек-қайшылылардың айырым топарлары өзлериниң бир пайытлары Көгистан журтын, яғный Қап таўы әтирапын мәкан еткенлигин еслейди. Әзербайжан мәмлекетиниң ҳәр мүйешинде ҳәзирге шекем «қарақалпақ», «қаралпақ», «қарапақ» деп аталыўшы этнотопар ўәкиллери бар ҳәм оларға дәрекли жер-суў атамалары ҳәржер-ҳәржерде ушырасып турады. Буның өзи де əзери халқы менен болған туўысқанлық байланыслардың тамыры тереңде екенлигин аңлатады.

ХАБАРШЫ: ─ Тарийхый байланыслар ҳаққында қысқаша болса да мағлыўмат бердиңиз. Енди әдебий-мәдений байланыслар бойынша да тоқталып өтсеңиз.

Сейдин ӘМИРЛАН:
─ Келип шығыўы бойынша түрки халықларының бир буўыны болған əзери ямаса əзербайжанлылардың арғы теги Уллы Туран журтынан, Орайлық Азия жерлеринен барған оғызлардан саға алады. Олар өзлери менен бирге бай əдебий мийрасларын да ала барған. Əсиресе, түрки дүньясының ортақ мақтанышы болып саналатуғын «Қорқыт ата жырлары» – ҳəзирги əзербайжанлылардың ата-бабалары болған оғызлар арқалы Қап таўы журтшылығына да таныс болды. V-VIII əсирлер даўамында дөретилип, он еки бөлимнен ибарат болған «Китаби Дəдə Горгуд», яғный «Қорқыт ата китабы» XV əсирде хатқа түсирилип, жазба түрде де кең тарқала баслады.

Қорқыт ата ҳаққындағы аңыз-əпсаналар қарақалпақлар арасында да жақсы сақланғанлығы белгили. Усындай əпсаналардың бирин Қаллы Айымбетов жазып алып, атақлы эпостаныўшы В.Жирмунскийдиң қолына тапсырады. Академик В.Жирмунский усы мəселеге байланыслы мийнетинде сол баҳалы мағлыўматты жазып алғаны ушын қарақалпақ алымына терең миннетдаршылығын билдирген.

Əзербайжан ҳəм қарақалпақ халқын руўхый байланыстырып турған қəдириятлардың тағы бири аўызеки рəўиште кең тарқалған шығыслық дəстанлар болып есапланады. Қарақалпақлардағы «Гөруғлы», «Ғəрип ашық», «Шəрияр» дəстанлары ҳəм олардың миллий версиялары əзербайжанларда «Короғлу», «Ашыг Гəриб», «Шəҳрияр» деп аталады. Ол дəстанлардың жазба нусқалары да бар. Əлбетте, бул дəстанлар қоңсылас туўысқан халықлар ортасында да сүйип атқарылып келген шығармалар болып, ортақ əдебий ғəзийнеге айланған.

Əзербайжан тилинде жазылған дəслепки поэма саналатуғын «Йүсип-Зүлейха» дəстаны да Орта Азияда оғада белгили болып, оның ҳəр халық тилиндеги жаңа ҳəм миллий версиялары жүзеге келди. «Йүсип-Зүлейҳа» дəстаны қарақалпақ дəстаншылық дүньясында қыссаханлық жолы менен де, бақсылар атқарыўы арқалы да кең таралған. Дəстанның «түрки» деп аталған китабый тилдеги қолжазбалары да бизге шекем жетип келген.

Қарақалпақ халқы ХΙV-XV əсирлерде жасап, əзери тилинде əжайып шығармалар жазған Имаматдин Нəсимий дөретиўшилиги жөнинде де жақсы биледи. Ҳəзирги Сирия жериндеги Əлеп қаласында азаплап өлтирилген И.Нəсимий ҳаққындағы аңызлар атадан-балаға, əўладтан-əўладқа айтылып келмекте. Сондай-ақ, XV əсир соңында тарийхый Аққойлылар журтында дүньяға келген əзербайжан шайыры Муҳаммед Физулий – пүткил түркий поэзияның жарық жулдызы сыпатында қарақалпақ халқы арасында да улығланады. Қарақалпақ халқының атақлы сөз зергери Бердақ шайыр «Физулийден дүрлер шаштым» деп бул уллы тулғаны өзине руўхый устаз тутынған.

ХΙХ əсирде Бесқала үлкесинде китап саўдасының раўажланыўы, арнаўлы китап дүканларының ашылыўлары, мəдений байланыслардың жедел ен жайыўы қарақалпақларды əзербайжан халқының əдебий дүньясы менен тағы да жақынластырды. Мəселен, Қарабақ ханының ўəзири, шайыр Молла Пана шығармаларының бизиң зиялыларымызға да белгили болыўы ҳəм əзербайжан тамаша өнери үлгилериниң қарақалпақ халық өнерпазлары тəрепинен атқарылыўлары усындай мəдений байланыслардың нəтийжесинде жүзеге асқанлығы байқалады.

ХХ əсир басында Қарақалпақстанда жəдитлер ҳəрекетиниң жанланыўы, соңынан жаңа ҳəкимият орнап, туўысқан халықлардың бир-бири менен хабар алмасыўларының жийилеўи əзелий қарым-қатнасықларды нəтийжели даўам еттирген болса да, бул байланыслар кейин ала бираз пəсеңлеп қалған еди. Əсир соңында дүнья картасының өзгериўи, ғəрезсизлик самалларының есиўи, түркий халықлардың өзлигин таныўға бет бурыўы, бурынғы үзилген желилерди қайтадан жалғады, мəдений байланысларды қайта тикледи.
Қарақалпақ əдебияты Əзербайжанда үгит-нəсиятланбақта (тарийхый-мəдений байланыслар ҳəм келешекке қойылған қəдемлер)

ХАБАРШЫ: ─ Бул байланыслардың қайта басланыўы қайсы жылларға туўра келеди? Оны қандай мәкемелер ҳәм кимлер әмелге асырмақта?

Сейдин ӘМИРЛАН: ─ Əзербайжанда қарақалпақ халқының тарийхы, мəденияты ҳəм əдебияты бойынша изертлеўлер жүргизип киятырған бирнеше илимий орайлар бар. Солардан ең баслылары Əзербайжан Миллий илимлер академиясы ҳəм Баку славян университети болып табылады. Əсиресе, бурынғы Орыс тили ҳəм əдебияты педагогикалық институты базасында 2000-жылы қайта дүзилген Баку славян университети бул мəселеде айрықша белсендилик көрсетпекте. Усы университеттиң жетекши алымларының бири, филология илимлериниң докторы, профессор Низамий Тагисой қарақалпақ миллетиниң Əзербайжандағы жанкүйери сыпатында көплеген ийгиликли ислерди əмелге асырды. Низамий ағаға миннетдаршылығымыз шексиз!
Қарақалпақ əдебияты Əзербайжанда үгит-нəсиятланбақта (тарийхый-мəдений байланыслар ҳəм келешекке қойылған қəдемлер)

Низамий Тагисой бирнеше жыллар даўамында қарақалпақ ертеклерин əзербайжан тилине сапалы аўдарыў бойынша жумыс ислеп, оны инабатлы орынлады. 2006-жылы Баку қаласындағы «Мүтəрҗим» баспасынан «Гарагалпаг халг нағыллары» атамасында еки том болып жарыққа шыққан бул китаплар əзербайжанлы зиялылар ҳəм китапсүйерлер тəрепинен қызғын күтип алынды. Изертлеўши өзиниң узақ жыллық изленислери нəтийжесинде 2007-жылы «Китаб əлəми» баспасынан «Каракалпакская литература» атлы оқыў қолланбасын да шығарып, оқыўшылар нəзерине жеткерди. Жарық көрген мийнетте қарақалпақлардың өтмиши, олардың хазарлар, қарапапақлар, гагаузлар менен туўысқанлық байланыслары, əййемнен киятырған халық эпослары, ертеклери, салт түрлери менен исенимлери, Жийен жыраўдан баслап Толыбай Қабуловқа шекемги аралықтағы шайыр-жазыўшылардың өмири ҳəм дөретиўшилиги, шығармалары, қарақалпақ театры жəне драматургиясының өзгешеликлери бойынша мағлыўматлар жəмлеп берилген. Китап қарақалпақ əдебиятын əзербайжанлыларға таныстырыўдағы елеўли жаңалық болды. Сол жылы Əзербайжандағы мəмлекетимиз елшиханасында жаңа китаплардың презентациясы да болып өтти.

Əзербайжанда қарақалпақ əдебиятын нəсиятлаў мəселесине тепериш кирисип кеткен алым 2016-жылы «Елм вə тəҳсил» баспасынан «Гарагалпаг əдəбиййаты» атамасындағы 456 беттен ибарат тағы бир китабын жəриялады. Китаптың таныстырыў мəресими 2015-жылы июльде Баку университетинде өткерилди. Соны да еслетип өтиўимиз, пидайы устаз бул китаплардың барлығын өзиниң жеке қаржысы есабынан шығармақта. Алым Əзербайжан жоқары оқыў орынларына арналған қарақалпақ əдебиятын оқытыў бағдарламасын да ислеп шықты. Усындай тынымсыз мийнетлери ушын Низамий Тагисой 2016-жылы 14-декабрьде мəмлекет басшысы Илҳам Əлиевтиң пəрманы менен Президенттиң өз қолынан «Əзербайжан Республикасына мийнети сиңген муғаллим» ҳүрметли атағын алған болса, алдынғы жылы «Жыл алымы» номинациясы менен де сыйлықланды.

Усындай итибарлы ўақыяның бири – Әзербайжан Миллий илимлер академиясы Фольклор институтының докторанты Шəбнем Низамий қызы Мəмедли «Əзербайжан-қарақалпақ фольклор байланыслары» деген темада диссертация жақлап, «философия докторы» (PhD) илимий дəрежесин алды. Ш.Мəмедлиниң диссертциялық жумысының биринши бөлиминде: əзербайжан ҳəм қарақалпақ халықларының этногенетикалық тамырлары, тилиниң қəлиплесиўи, екинши бөлиминде: əзербайжан ҳəм қарақалпақ халық турмыс-салт поэзиясының, фольклордағы айырым киши жанрлардың уқсаслықлары менен өзиншеликлери, үшинши бөлиминде: əзербайжан-қарақалпақ атқарыўшылық өнери, олардың қаҳарманлық дəстанларында ортақ идеялардың, мотивлердиң сəўлелениўи, сондай-ақ еки халық ертеклериндеги улыўмалықлар менен айырмашылықлар талланған. Илимпаз диссертациялық жумысына байланыслы оннан аслам илимий мийнетлерин республикалық ҳəм халықаралық басылымларда жəриялаған. Изертлеўшиниң жəрияланған мийнетлери фольклорлық байланыслар менен бир қатарда, туўысқан қос халықтың өтмишин, этногенезин, этномəдениятын үйрениў мəселесиндеги өз жаңалықлары менен қунлы.

Ҳəзирги ўақытта Əзербайжан мəмлекетиниң жоқары оқыў орынларында классикалық поэзиямыздың шыңы болған Күнхожа, Əжинияз, Бердақ шайырлардың, ХХ əсир қарақалпақ əдебияты ўəкиллеринен Ибрайым Юсупов ҳəм Төлепберген Қайыпбергеновтың шығармалары оқытылмақта. Бизиң классиклеримиздиң шығармалары қарақалпақ тилинде оқытылыўы менен бирге, әзери тилине де аўдарылып, китапсүйерлер дыққатына усынылмақта. Бул мәселеде де Низамий Тагисойдың жеке белсендилиги, хызметлери айрықша.

Əзербайжанлы алымлар соңғы жыллары «Қарақалпақ фольклоры» атамасы менен көптомлық түринде жарық көрген халық аўызеки дөретпелерин изертлеў, оларды əзери тилине аўдарыў ҳəм үгит-нəсиятлаў бойынша жас излениўшилерди де көплеп қатарға тартпақта. Бундай басламалардың келешекте өз жемисин берери сөзсиз ҳəм оның əдебий-мəдений байланысларды беккемлеўдеги орны гиреўли екенлиги тақыйық. Сондай-ақ, Әзербайжан ғалаба хабар қуралларында да қарақалпақ халқы ҳаққында жаңа изленислер, жаңалықлар жәрияланып барылмақта. Қулласы, әзелги тарийхый-мәдений байланыслар жаңа заманға сай жаңаша түс алыў үстинде...

ХАБАРШЫ: ─ Әлбетте, бул жаңалықлар туўған халқының өтмиши ҳәм келешеги менен қызықсынатуғын ҳәрбир миллетлесимиизди қуўандыратуғыны, руўхландыратуғыны тәбийий. Солай екен, бундай мәдений байланыслардың мақсетли рәўиште даўам етиўин ҳәм халық қәдириятларын нәсиятлаўдағы Сизиң өз жумысларыңыздың да жемисли болыўын тилеймиз.

Сәўбетлескен: Ислам МАТЕКОВ.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

    Соңғы жылларда көпшилик адамлар социаллық тармақлардан жийи пайдаланбақта. 2024-жылдың январь айындағы мағлыўматларға муўапық, дүня жүзинде

Өзбекстандағы даслепки фотограф ҳәм кинооператордың аянышлы тәғдири ҳаққында нелерди билесиз?

Өзбекстандағы даслепки фотограф ҳәм кинооператордың аянышлы тәғдири ҳаққында нелерди билесиз?

Өзбек фотографиясының қәлиплесиўинде биринши өзбек кинооператоры ҳәм фотографы Худайберген Девоновтың хызметлери айрықша орынды ийелейди. Ол тек...

ChatGPT: Ол қалай ислейди ҳәм авторлық ҳуқықы кимге тийисли?

ChatGPT: Ол қалай ислейди ҳәм авторлық ҳуқықы кимге тийисли?

    Жасалма интеллект қалай ислейди, ол келешекте инсан мийнетиниң орнын баса ала ма, нейрон тармақлар тәрепинен