Telegram karinform

Сиясат

  • 23.10.2020 15:41
  • 1185

Азық-аўқат өнимлери менен үзликсиз тәмийинлеў ҳәм базарларда баҳалардың турақлылығын сақлаў ушын фонд шөлкемлестирилмекте

Азық-аўқат өнимлери менен үзликсиз тәмийинлеў ҳәм базарларда баҳалардың турақлылығын сақлаў ушын фонд шөлкемлестирилмекте
Усы жылдың 23-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң тоғызыншы сессиясы болып өтти. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баспасөз хызмети хабар берди.

Республикамыздың қала ҳәм районлары менен видеоконференц-байланыс тәризинде өткерилген сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология комитетиниң баслығы Б.Тажиев, Олий Мажлис Сенаты ағзалары, ҳүкимет ағзалары, сектор басшылары ҳәмде ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Хабарыңыз бар, усы жылдың 16-октябрь күни Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң басшылығында болып өткен видеоселектор мәжилисинде азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, ишки базарда баҳаның турақлылығын сақлаў ҳәм азық-аўқат өнимлери менен толтырыў, ҳәр бир аймақ бойынша халықтың кейинги жылдың май айына шекем гөш, мәйек, ун, май, қумшекер, гүриш, картошка, гешир ҳәм пияз өнимлерине болған талабын қанаатландырыў, бул өнимлерди қашан, қай жерден алыў бойынша анық есап-санақ етиў бойынша ўазыйпалар белгилеп берилип, бул бағдарда аймақларда әмелге асырылып асырылатуғын жумыслар бойынша сектор басшыларының жергиликли Кеңеслердиң сессияларында мәлимлеме бериўи атап өтилди. Сондай-ақ, қысқа мүддетте ҳәр бир аймақта азық-аўқат қәўипсизлиги бойынша өз алдына фондларды шөлкемлестириў ўазыйпасы да тапсырылған еди.
Азық-аўқат өнимлери менен үзликсиз тәмийинлеў ҳәм базарларда баҳалардың турақлылығын сақлаў ушын фонд шөлкемлестирилмекте
Усы белгиленген ўазыйпалардан келип шыққан ҳалда республикамызда «Азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў» фонды шөлкемлестирилмекте. Бул фондтың шөлкемлестирилиўи халықтың күнделикли зәрүрлиги ушын талап етилетуғын тийкарғы азық-аўқат өнимлери менен үзликсиз тәмийинлеўде, базарларда баҳалардың турақлылығын сақлаўда айрықша әҳмийетке ийе болыўы күтилмекте.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология комитетиниң баслығы Б.Тажиев шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында болып өткен видеоселектор мәжилисинде ишки базарды азық-аўқат өнимлери менен толтырыў, баҳаның турақлылығын сақлаў бойынша додаланған мәселелердиң әҳмийетине, оның орынланыўын тәмийинлеў бойынша кешиктириўге болмайтуғын ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Таңғы ас не ушын керек?

Таңғы ас не ушын керек?

    Мий ушын Мағлыўматларды жақсырақ концентрациялаў ҳәм ядлаў ушын зәрүр.   Иммунитет ушын Сиз аз стресске дус

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

    Жынаят кодексиниң 139-статьясына тийкарланып, жала жабыў, яғный, билип турып басқа шахсты шерменде қылатуғын өтириклерди тарқатыў,

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Фото: Шухрат Латипов / “Gazeta.uz”   Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет...