
Қарақалпақстан Республикасы И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейи каналында хабар берилиўинше, музей экспонатларын төмендеги жағдайларда бийпул тамашалаўға болады:
- Ҳәр ҳәптениң шийшемби ҳәм жума күнлери 18 жасқа шекемги балалар және олардың ата-аналары (ямаса олардың орнын басыўшы адам, бақлаўшылары) ушын;
- Ҳәр айдың биринши екшембиси (барлық келиўшилер ушын);
- Музейде шөлкемлестирилген көргизбелердиң ашылыў күнлери (барлық келиўшилер ушын);
- 18-май – «Халықаралық музейлер күни» (барлық келиўшилер ушын);
- «Кекселер ушын туризм айлығы» илажы шеңберинде 2020-жылы 1-30-ноябрь күнлери аралығында кексе әўлад ўәкиллери ушын;
- Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы ағзалары, көркем өнер ҳәм мәденият тараўында оқып, билим алып атырған студентлер ҳәм оқыўшылар ушын;
- Урыс ветеранлары, имканияты шекленген адамлар ушын музейди тамашалаў бийпул.
Қарақалпақстан Республикасы И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейи ҳәптениң дүйшемби күнинен тысқары азанғы саат 9:00 ден баслап кешки саат 18:00 ге шекем музейге келиўшилер ушын ашық екенлигин мәлим етип билдиремиз.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz