Халықаралық Олимпия комитетиниң (ХОК) атқарыўшы органы Лозаннадағы арнаўлы жыйналысында 9-28-февраль күнлери аралығында өткерилетуғын Пхенчхан қысқы Олимпиада ойынларынан Россия сайланды командасын шетлетиў ҳаққында шешим қабыллады.
Бирақ та, россиялы спортшылар «қатаң допинг шәртлерине муўапық» Олимпиада байрағы астында беллесиўлерге қатнасыўына болады.
Бундай спортшылар «Россиялы Олимпиада спортшысы» атағы менен Олимпиада байрағы астында жарысқа түседи. Егер усы спортшы жеңимпаз болса, Олимпиада байрағы көтерилип, Олимпиада гимни жаңлайды, деп хабар берилди ХОКтың баспасөз конференциясында.
Солай етип, Россия Олимпия комитети дисквалификацияланды. ХОК хабарында жазылыўынша, 2014-жылы Сочи олимпиадасы ўақтында Россияның «допинг тексериўлерин алмастырыўы» ҳәм «допинг элементлерин қолланғанлығы» шетлетиўге баслы себепши етип көрсетилген.
Ислам Матеков.