Telegram karinform

Жәмийет

  • 06.12.2017 17:39
  • 2315

Дүньяның ең тыныш жери. Бул жерде әскерий ҳәрекетлер алып барыў қадаған



Бул жерде инсанлардың жасаўы, өмир сүриўи оғада қыйын. Жер планетасындағы адамзат қәдеминен узақта жайласқан, мәңги музлықлар менен қапланған бул жер алты материктиң бири – Антарктида материги. Ол планетамыздың ең қубла тәрепинде жайласқан болып, Антарктиданы, оның әтирапындағы океан бөлимлери менен бирге қубла польюс шеңберине шекем Антарктика деп атайды.
Бул материкти 1820-жылы рус теңиз саяхатшылары болған Ф.Ф.Белинсгаузен ҳәм М.П.Лазаревлер ашқан. Олардың «Восток» ҳәм «Мирный» деп аталған желқомлы кемелери күшли толқынлар менен музлы тосықларды жеңип, көп қыйыншылықлар менен бул жерге жетип барған.
Илимпазлардың изертлеў нәтийжелерине қарағанда, буннан бирнеше миллионлаған жыллар алдын Антарктидада ҳаўа райы ыссы болып, тропикалық тоғайлар болған, тоғайларда үлкен ҳайўанлар жасаған. Бирақ, ўақыттың өтиўи менен Антарктидада арқа польюске салыстырғанда алдынырақ музлаў процеси басланған. Бүгинги күнде де ең әййемги муз қалқаны Антарктидада сақланып қалғанлығы анықланған. Материктиң жер астында темир рудасы, алтын, алмаз, реңли металлар, таскөмир сыяқлы пайдалы қазылма байлықлар бар.
Антарктиданы тек музлықлар менен қапланған деп ойласаңыз алжасасыз. Өйткени, ол жерде жыллылығы +11 дәрежеге шекем болған көллер анықланған. Бул көллерде қоңыр, қызыл, көк-жасыл реңдеги жүдә майда суў отлары табылған болып, олар көллердиң ҳәмийше жылтырап турыўын тәмийинлейди. Материктиң арқа-батыс тәрепиндеги Грейам Жеринде майда от-шөплер, гүллер ушырасады.
Музлықлар менен қапланған, бир қарағанда улыўма тиришилик ушыраспайтуғындай болып көринетуғын Антарктидада даөмир, тиришилик бар. Теңиздиң жағаларында әжайып қуслар – пингвинлер жасайды. Жағалаўға жақын жерлерде китлер, кашалотлар, дельфинлер, тюленлердиң бирнеше түрлери жүзип жүреди, олардың арасында теңиз пили ҳәм теңиз қапланы да бар.
Планетамыздың ең аз үйренилген бул бөлимин илимий жақтан терең изертлеў жумыслары 1957-1958-жыллардан басланды. Сол ўақытта дүньяның 12 мәмлекети материкти биргеликте үйрениўге келисип алды. Түрли миллет ўәкиллери Антарктиданың барлық бөлимлеринде изертлеў жумысларын жүргизди.
Материкте ҳаўа райы оғада суўық болып, қыс айларында -90 дәрежеге шекем суўық болыўы бақланған.
Антарктиданы «Тынышлық материги» деп те атайды. Өйткени, ол ҳеш бир мәмлекетке тийисли емес, оның аймағында әскерий ҳәрекетлерди алып барыў ямаса әскерий базалар қурыў қадаған етилген.

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

    Жынаят кодексиниң 139-статьясына тийкарланып, жала жабыў, яғный, билип турып басқа шахсты шерменде қылатуғын өтириклерди тарқатыў,

Баланы аўқатын таўысып қойыўға мәжбүрлемеў керек

Баланы аўқатын таўысып қойыўға мәжбүрлемеў керек

    Балаларды аўқатын таўысыўына мәжбүрлеў - аўқатланыў процессиниң бузылыўына алып келеди. Егер адам тойғанын сезгеннен кейин

Балаға ҳешқандай қосымталарсыз фамилия ҳәм әкесиниң атын бериў мүмкин бе?

Балаға ҳешқандай қосымталарсыз фамилия ҳәм әкесиниң атын бериў мүмкин бе?

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 14.11.2016-жылдағы 378-санлы қарарына муўапық, баланың фамилиясына "-ев", "-ов", "-ева", "-ова" сыяқлы ҳәм...