Telegram karinform

Жәмийет

  • 30.10.2020 17:55
  • 4198

Қанлыкөлде 24 жаслы қызды алып қашқан жигитлерге жынаят иси ашылды

Қанлыкөлде 24 жаслы қызды алып қашқан жигитлерге жынаят иси ашылды
Усы жылдың 13-октябрь күни саат 20:00 лерде 30 жаслы Д.Е. таныслары 29 жаслы Р.Ж. ҳәм 30 жаслы П.Б.лар менен алдын ала тил бириктирип, топарласып 24 жаслы Г.С. (қыз)ны оның еркине қайшы түрде Қанлыкөл районы «Мәденият» МПЖ Сары алтын көшесиниң кесилиспесинде Г.С.(қыз)ның үйине қайтып баратырғанынан пайдаланып, оның артынан барып, оған күш ислетип, мәжбүрий түрде Д.Е.ниң атында болған, П.Б. басқарыўындағы «Nexia-2» маркалы автомашинаға мингизип, оны Қанлыкөл районы «Бостан» АПЖда жайласқан үйине алып барып, Г.С.ны Д.Е. менен некелениўи ушын алып қашқан. Бул ҳаққында Тергеў департаменти хабар берди.

Жағдай бойынша Г.С. районлық ИИБ баслығына арза менен мүрәжат еткен. Ҳәдийсе жүз берген орынға тергеў-оператив топарының хызметкерлери барып көзден өткериў ҳәм басқа да тергеўге шекемги тексериў ҳәрекетлерин өткерген. Д.Е.ниң атында болған «Nexia-2» маркалы автомашина айғақлы зат сыпатында алынып, тийисли тәртипте мөрленген.

Бул жағдай бойынша Қанлыкөл районлық ИИБ жанындағы Тергеў топары тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 136-статьясы 1-бөлими (Ҳаялды турмысқа шығыўға мәжбүрлеў ямаса оның турмысқа шығыўына тосқынлық етиў) менен жынаят иси ашылған.

Ҳәзирги ўақытта тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал