Telegram karinform

Жәмийет

  • 02.11.2020 15:33
  • 715

1-курслар контракттиң кеминде 50 процентин 1-ноябрьге шекем төлемеген болса оқыўға қабыллаў ҳаққында буйрық шығарылмай ма?

1-курслар контракттиң кеминде 50 процентин 1-ноябрьге шекем төлемеген болса оқыўға қабыллаў ҳаққында буйрық шығарылмай ма?
Ҳуқықтаныўшы-блогер Хушнудбек Худайбердиев көпшилик ата-аналар айырым жоқары оқыў орынлары тәрепинен 1-курсқа қабыл етилген студентлерге контракттиң кеминде 50 процентин төлеўи кереклиги, болмаса оларды студентликке қабыллаў ҳаққындағы буйрық шығарылмайтуғынлығы, контрактти төртке бөлип төлеў бойынша қағыйда тек ғана жоқарғы курс студентлерине тийисли екенлигин мәлим еткени бойынша мүрәжатлар көбейгенлигин жәриялады.

Мәлим етилиўинше, жоқары оқыў орынларының бундай талабы надурыс. Өйткени, Мәмлекетлик комиссияның қарарында:

«белгиленген төлем муғдарының кеминде 25 процентин студентликке усыныс етилген абитуриентлер ушын 15-сентябрьге шекем ямаса Мәмлекетлик қабыллаў комиссиясы тәрепинен белгиленген мүддетке шекем және екинши ҳәм оннан кейинги басқыш студентлери ушын 1-октябрьге шекем ямаса жоқары оқыў орнының ректоры (филиал директоры) тәрепинен узайтылған мүддетке шекем әмелге асырылады», - деп көрсетилген.

Бул жерде жазылғанларынан көринип турғанындай, төртке бөлип төлеў қағыйдасы 1-курсларға да тийисли. Демек, 1-курслар да 25 процентин төлеў ҳуқықына ийе ҳәм олар 25 процентин төлегенде студентликке қабыллаў бойынша ректордың буйрығы шығарылады.

Сондай-ақ, Мәмлекетлик комиссияның қарарындағы «15-сентябрь» сәнеси де көпшиликти албыратып қойды, яғный тест сынақлары кеш өткерилди, нәтийжелер де соған жараса, кеш жәрияланды, деп мүрәжат етиўшилер де көбейген.

Быйылғы жылы пандемия себепли кириў имтиханларының кеш өткерилиўи себепли Мәмлекетлик комиссия контракт төлеў мүддетин 1-ноябрьге шекем узайтты.

Буннан усындай жуўмаққа келиўимиз мүмкин, 1-ноябрьге шекем контракт пулының 25 процентин төлеген абитуриентлерди студентликке қабыл етиў бойынша буйрық шығарылады.

1-ноябрьге шекем контракттиң 50 процентин төлеў мәжбүрий емес, ықтыярлы болып табылады.

Бирақ, супер контрактта оқыў нийетинде болғанлар контракт пулының 50 процентин 1-декабрьге шекем төлеп болыўы керек.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында