Telegram karinform

Жәмийет

  • 02.11.2020 17:31
  • 1037

Жыл басынан берли Қарақалпақстанда неше өрт жүз берген? Неше адам қайтыс болған?

Жыл басынан берли Қарақалпақстанда неше өрт жүз берген? Неше адам қайтыс болған?
Усы жылдың өткен дәўири аралығында Қарақалпақстан Республикасында улыўма 481 өрт жүз берген. Оларда 4 пуқара дене жарақатын алған, 1 пуқара өмирден көз жумған. Бул ҳаққында бизге ҚР Айрықша жағдайлар басқармасы ҒХҚ ҳәм жәмийетлик шөлкемлер менен байланыслар топары баслығы, аға лейтенант Айбек Абдирахманов мәлим етти.

Жүз берген өртлер өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 10,09 процентке, өртлер нәтийжесинде дене жарақатын алыў жағдайлары 80 процентке, ал пуқаралар қайтыс болыўы менен байланыслы жағдайлар 50 процентке азайған.

Өртлердиң келип шығыў себеплери анализленгенде, 85 процентке шамалас өртлер халықтың турақ жайларында жүз бергенлигин көриў мүмкин. Өртлер тийкарынан насаз жылытыў печьлери ҳәм электр қурылмаларынан пайдаланыў, жас балалардың қараўсыз қалдырылғаны ақыбетинде келип шыққан.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған