Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.11.2020 13:36
  • 1185

Халыққа алтын қуймалар сатыла басланды. Баҳалар менен танысың

Халыққа алтын қуймалар сатыла басланды. Баҳалар менен танысың
2-ноябрьден баслап Өзбекстан Республикасы Орайлық банки өлшемли алтын қуймаларды коммерциялық банклер арқалы сатыўға шығарды.

Бул алтын қуймалар халықтың инвестициялық ҳәм топлаў имканиятларын кеңейтиў, сондай-ақ, қымбат баҳалы металлар айланысын раўажландырыў мақсетинде шөлкемлестирилгенлиги мәлим етилди.

Алтын қуймалардың үлгилери, баҳалары ҳәм сатып алыў шақапшалары сыяқлы мағлыўматлар Орайлық банктиң веб-сайтында жәрияланды.

Мағлыўматта жазылыўынша, Қарақалпақстан Республикасында алтын қуймаларды халыққа сатыў «Ҳамкорбанк»тиң Нөкис филиалында әмелге асырылмақта.

Ҳәзирги ўақытта алтын қуймаларды сатыў баҳасы 5 грамм ушын – 3 436 000 сум, 10 грамм – 6 623 000 сум, 20 грамм – 13 121 000 сум, 50 грамм ушын – 32 177 000 сум етип белгиленген.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған