Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.11.2020 14:21
  • 861

Қарақалпақстан Монополияға қарсы гүресиў комитети дәри өнимлери баҳасының тийкарсыз көтерилиўине байланыслы билдириў жәриялады

Қарақалпақстан Монополияға қарсы гүресиў комитети дәри өнимлери баҳасының тийкарсыз көтерилиўине байланыслы билдириў жәриялады
Ҳүрметли пуқаралар!

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 31-октябрьдеги «Халықты дәри өнимлери ҳәм медициналық буйымлар менен тәмийинлеўди буннан былай да жақсылаўға бағдарланған илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-2647-санлы қарарына тийкарланып, шеттен алып келинетуғын, сондай-ақ, елимизде ислеп шығарылған дәри өнимлери ҳәм медициналық буйымларды усақлап ҳәм көтере сатыў – оларды жеткерип бериўде қатнасыўшылар санына қарамастан көтере саўдасы ушын сатып алынған баҳасынан 15 проценттен, ал усақлап сатыў саўдасы ушын көтере саўда баҳасынан 20 проценттен артық болмаған муғдарларда шекленген саўда үстемелери қолланылған жағдайда әмелге асырылыўы белгиленген.

Өзбекстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитети жанындағы Тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў агентлиги өз ўәкиллиги шеңберинде дәри өнимлери ҳәм медициналық буйымлар ушын белгиленген көтере ҳәм усақлап сатыў саўда үстемелерине әмел етилиўи бойынша қадағалаўды әмелге асырады.

Өз нәўбетинде тийисли түрде (бир жыл даўамында 2 яки оннан артық) лицензия талаплары ҳәм шәртлери, сондай-ақ, дәри өнимлери ҳәм медициналық буйымларға баҳаны белгилеў тәртиби, рецепт тийкарында берилетуғын ҳәм электрон саўда арқалы дәри өнимлери ҳәм медициналық буйымларды усақлап сатыў тәртибиниң бузылыўы – лицензия талаплары ҳәм шәртлериниң турпайы тәризде бузылыў жағдайы есапланады ҳәм бул фармацевтикалық жумыс ушын берилген лицензияның әмел етилиўиниң белгиленген тәртипте тоқтатылыўына алып келеди.

Сол себептен, фармацевтика тараўында жумыс алып барыўшы исбилерменлерден дәри өнимлери ҳәм медициналық буйымларға баҳа белгилеў тәртибине, лицензия талаплары ҳәм шәртлерине қатаң әмел етиўин сораймыз.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитети жанындағы Тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў агентлиги тәрепинен пуқаралардың дәриханалардан сатып алмақшы болған коронавирус ҳәм гриппке қарсы дәри өнимлериниң баҳасын билиў имканиятын беретуғын «Telegram» мессенжеринде @dorinarx_bot – боты жаратылғанлығын мәлим етемиз.

Ҳүрметли тутыныўшылар егер де Сизлерде жоқарыдағы жағдайларға байланыслы ҳуқықларыңыз бузылса, Қарақалпақстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитетине яки Комитеттиң 61 222-30-11 «Исеним телефоны» арқалы мүрәжат етиўиңизге болады.

Мәнзил: 230100, Нөкис қаласы, А.Темур көшеси 112 А-жай.

e-хаt: antimonopoliya@exat.uz, e-mail: kr@antimon.gov.uz

Қарақалпақстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитети.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған