Telegram karinform

Жәмийет

  • 04.11.2020 14:40
  • 871

Тақыятаста бийпул орнатылыўы керек болған заманагөй газ есаплағыш ушын 110 мың сум өндирилди

Тақыятаста бийпул орнатылыўы керек болған заманагөй газ есаплағыш ушын 110 мың сум өндирилди
Тақыятас районы «Абат мәкан» АПЖ турғыны, тутыныўшы С.М. Қарақалпақстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитетиниң исеним телефонына қоңыраў етти.

Мүрәжат мазмунынан мәлим болыўынша, тутыныўшы С.М.ның үйине газ тәмийнаты мәкемеси тәрепинен алдынғы газ есаплағыш орнына заманагөй газ есаплағыш орнатылған. Орнатыў жумыслары жуўмақланғаннан кейин көрсетилген хызметлер ушын 110 мың сум алынған. Тутыныўшы дәслеп буған итибар бермеген, бирақ бул хызметлердиң бийпул екенлигин билгеннен соң газ тәмийнаты мәкемесине мүрәжат еткен. Мүрәжатлары болса жуўапсыз қалдырылған.

Соң тутыныўшы усы жылдың 13-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитетиниң исеним телефонына қоңыраў етиўге мәжбүр болады. Комитеттиң тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў бөлими тәрепинен мүрәжат үйренип шығылып, есаплағыш қутышасы, айрықша фильтр ушын тутыныўшыдан пул алынғаны мәлим болды. Бул ҳаққында бизге комитет баспасөз хызмети хабар берди.

«Энергиялық ресурсларды есапқа алыўдың автоматластырылған системасын енгизиў шеңберинде электр энергиясы ҳәм тәбийғый газди есапқа алыўдың заманагөй әсбапларын орнатыў тәртиби ҳаққында»ғы уставтың тийисли бәнтлеринде есапқа алыў приборларын, сондай-ақ, олар орнатылатуғын арнаўлы шкафларды сатып алыў, соның ишинде, бар (индукциялық) приборларды алмастырыў, монтажлаў, мәмлекетлик салыстырыўдан (соның ишинде, күнделикли мәмлекетлик салыстырыўдан) өткериў және орнатыў Аймақлық электр тармақлары кәрханасы есабынан әмелге асырылыўы, Бюро ўәкиллери менен биргеликте турмыслық тутыныўшы қатнасыўында бийпул жалғаныўы, дизимге алыныўы ҳәм пломбаланыўы әмелге асырылыўы белгиленген.

Усы бәнтте келтирип өтилгениндей, тәмийнатшы мәкеме тәрепинен тутыныўшының ҳуқықы бузылған. Комитеттиң араласыўы нәтийжесинде тутыныўшыдан тийкарсыз өндирилген 110 мың сум пул қайтарып берилди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған