Telegram karinform

Жәмийет

  • 04.11.2020 15:31
  • 9841

«Район орайындағы туўыў комплексине шекем 320 километр. Үй шараятында ямаса жолда туўыўға туўра келип атыр». «Қарақалпақстан» посёлкасы турғыны депутат Кушербаевқа мүрәжат етти

«Район орайындағы туўыў комплексине шекем 320 километр. Үй шараятында ямаса жолда туўыўға туўра келип атыр». «Қарақалпақстан» посёлкасы турғыны депутат Кушербаевқа мүрәжат етти
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Расул Кушербаев өзиниң Телеграм тармағындағы каналында Қоңырат районы «Қарақалпақстан» посёлкалық пуқаралар жыйыны Қазақ аўылындағы 130-жайда жасайтуғын пуқара К.Тулаеваның мүрәжатын жәриялады.

«Аўылымызда поликлиника шөлкемлестирилген, бирақ ҳаяллар ушын туўыў бөлими жоқ. Қоңырат районы орайындағы туўыў комплексине шекем 320 километр. Ҳаялларымыз туўыў процесинде қыйналады, үй шараятында ямаса жолда туўыўға да туўра келмекте.

Бизиң аўылдың ҳаяллары ушын туўыў комплексин шөлкемлестириўге әмелий жәрдем бериўиңизди сораймыз», - деп жазылған мүрәжатта.

Депутат Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм басқа жуўапкер мәкемелерден усы машқалаға итибар қаратып, 5 мыңға шамалас халық жасайтуғын «Қарақалпақстан» посёлкалық пуқаралар жыйынында жасайтуғын ҳаяллар ушын туўыў комплексин шөлкемлестирип бериў илажларын көриўди сораған. Бул бойынша Министрлер Кабинетине мүрәжат жиберилгенлигин қосымша етип өткен.

«Заманагөй медицинаны енгизиўге қәдем тасланып атырған жигирма биринши әсирде Өзбекстанда бундай машқаланың сақланып турғанын ҳеш нәрсе менен ақлаўға болмайды», - деп жазады Кушербаев.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

Уқсас жаңалықлар

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.