Telegram karinform

Жәмийет

  • 04.11.2020 18:32
  • 802

Халыққа арзан баҳаларда сатылыўы керек болған унлардан нызамға қайшы түрде пайда көрген лаўазымлы адамларға жаза тайынланды

Халыққа арзан баҳаларда сатылыўы керек болған унлардан нызамға қайшы түрде пайда көрген лаўазымлы адамларға жаза тайынланды
2017-жылдың ноябрь айынан берли «Қарақалпақдәнөнимлери» акционерлик жәмийетиниң басқарыў директоры лаўазымында ислеп келген Э.Х. өз лаўазымынан пайдаланып, жәмийеттиң бөлистириў бөлими маркетологы лаўазымында ислейтуғын Р.А. менен тил бириктирип, нызамға қайшы ҳәрекетлер ислейди.

Бөлистириў бөлими маркетологы жәрдеминде халыққа арзан баҳаларда сатылыўы керек болған ун өнимлерин пуқаралар менен шәртнамалар дүзилместен, жәмийеттиң ишки буйрықларын шығармастан ҳәм көшпели саўда дүканларын шөлкемлестирместен 2018-жылдың 15-сентябрь күнинен 2019-жыл 15-октябрьге шекем улыўма 8 608 450 килограммлық 15 064 787 500 сумлық ун өнимлериниң нызамсыз сатылыўына рухсат берип, жәмийет тәрепинен усы дәўир ишинде 16 300 650 килограммлық 28 526 137 500 сумлық ун өнимлери халыққа сатыў ушын шығыс етилген. Соннан нақ пул, банк терминаллары ҳәм районлардағы банклер арқалы улыўма 28 123 938 215 сумлық қаржы кирис етилген.

Қалған 402 199 285 сумлық пуллар ун өнимлериниң пулларын банк терминаллары арқалы кемис қабыл етиў нәтийжесинде өзлестирилген ҳәм мәмлекетлик мүлкке көп муғдарда зыян жеткерген.

Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша суды апелляциялық инстанциясының тийисли уйғарыўы менен Э.Х. Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 205-статьясы 2-бөлими «а» бәнти менен айыплы деп табылып, бир жыл мүддетке мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик үлеси болған кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлерде шөлкемлестириў-басқарыў, ҳәкимшилик-хожалық ўәкилликлери берилген және материаллық жуўапкерли лаўазымларда ислеў ҳуқықынан айырып, базалық есаплаў муғдарының 140 есеси (31 220 000 сум) муғдарында жәрийма жазасы тайынланды.

Жәмийеттиң бөлистириў бөлими маркетологы Р.А. Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 28-статьясы ҳәм 205-статьясы 2-бөлими «а» бәнти менен айыплы деп табылып, бир жыл мүддетке мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик үлеси болған кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлерде шөлкемлестириў-басқарыў, ҳәкимшилик-хожалық ўәкилликлери берилген лаўазымларда ислеў ҳуқықынан айырып, базалық есаплаў муғдарының 100 есеси (22 300 000 сум) муғдарында жәрийма жазасы тайынланды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Суўықта бас кийим кийиўди умытпаң

Суўықта бас кийим кийиўди умытпаң

    Басыңызды жыллы тутың: Бас арқалы денеден ыссылық ең көп жойтылады. Бас кийим болса бул ыссылықты

Транспорт басқарыўшылары автомашина сигналын қәлеген жерде басыўға ҳақлы емес

Транспорт басқарыўшылары автомашина сигналын қәлеген жерде басыўға ҳақлы емес

    Ҳүкиметтиң 172-санлы қарарына қосымша етип келтирилген «Жол ҳәрекети қағыйдалары»ның 48-бәнтине бола, даўыслы сигналлар тек ғана

Таңғы ас не ушын керек?

Таңғы ас не ушын керек?

    Мий ушын Мағлыўматларды жақсырақ концентрациялаў ҳәм ядлаў ушын зәрүр.   Иммунитет ушын Сиз аз стресске дус