Telegram karinform

Жәмийет

  • 05.11.2020 16:29
  • 681

Нәрестелердиң жүрек порогы менен туўылыўында аналарының таң сәҳәрде көше сыпырып аязлаўы да себеп болыўы мүмкин

Нәрестелердиң жүрек порогы менен туўылыўында аналарының таң сәҳәрде көше сыпырып аязлаўы да себеп болыўы мүмкин
Ҳәмиледарлықтың дәслепки үш айында таң сәҳәрде турып көше сыпырған келинлердиң көпшилиги аязлаўы нәтийжесинде туўма жүрек нуқсаны (порок) болған перзентлерди дүньяға келтирмекте. Бул ҳаққында академик В.Ваҳидов атындағы Республикалық қәнигелестирилген хирургиялық илимий-әмелий медициналық орайының туўма жүрек нуқсанлары бөлими баслығы Умиджон Муродов айтып өткен.

«Туўма жүрек нуқсанының келип шығыў теориясы бойынша илимпазлар оғада көп излениўлер алып барған. Ең тийкарғы теория бул – инфекциялық кеселликлер ақыбетинде келип шығыўы болып табылады. Статистикаға итибар қарататуғын болсақ, биринши ямаса екинши перзентлерде туўма жүрек нуқсанлары келип шығады. Себеплердиң тийкарғысы, ҳәмиледарлық ўақтының дәслепки 3 айында жүрек раўажланады. Бизде жаңа түскен келинлер усы дәўирде аязласа, «жеңил грипп болдым» деп қандайда бир инфекциялық кеселликлерди бастан өткереди. Таң сәҳәрде келинлер турып көшени сыпыраман дейди ямаса жеңил-желпи кийинип, сыртқа шығып кетеди. Сол себепли жеңил түрде аязлайды. Ҳәмиледарлықтың дәслепки 3 айынан соң анадағы кеселлик баланың жүрегине тәсир етпейди. Себеби, балада жүрек қәлиплесип болады», - деген У.Муродов.

Туўма жүрек нуқсаны кеселлиги туўылып атырған нәрестелердиң ҳәр мыңынан биринде ушыраўы мүмкин. Олардың 30-40 процентине өз ўақтында жәрдем көрсетилмесе, 3 жасқа толғанша қайтыс болады.

«Республикамызда жылына 600 мыңға шамалас нәресте дүньяға келсе, соннан 5 мыңға шамалас нәресте туўма жүрек нуқсаны менен туўылады. Олардың 60 проценти 1 жасқа шекемги болған жағдайда хирургиялық әмелиятқа мүтәж болады. Олардың ең көп ушырайтуғыны қарыншалар аралық ҳәм бөлмешелер аралық дийўал деффекти, ашық артериал жол, жүрек қан-тамырлары транспозициясы», - деп айтып өткен қәниге.

Мағлыўмат ушын, 2-ноябрьден 10-ноябрьге шекем Өзбекстандағы туўма жүрек нуқсаны болған барлық наўқаслар академик В.Ваҳидов атындағы Республикалық қәнигелестирилген хирургиялық илимий-әмелий медициналық орайы, консультативлик поликлиникасында бийпул тексерилип, диагноз алыўы мүмкин.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

        Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын жедел түрде қабыл