Telegram karinform

Жәмийет

  • 06.11.2020 18:09
  • 1247

Екшемби күни Кавказ тәрептен суўық ҳәм ығал ҳаўа ағымы кирип келеди. Ҳәптениң ақырында күтилетуғын ҳаўа райы ҳаққында

Екшемби күни Кавказ тәрептен суўық ҳәм ығал ҳаўа ағымы кирип келеди. Ҳәптениң ақырында күтилетуғын ҳаўа райы ҳаққында
Бүгин ҳәм ертең республикамыз аймағы қубла-батыстың жыллы ҳаўа ағымлары тәсиринде болады. Көпшилик жерлерде ҳаўа алағат бултлы болады, температура климатлық нормалардан 4-6 градусқа жоқары болады. Күндизги температура 22-27 градус, түнде 4-9 градус дөгерегинде болады.

«Өзгидромет»тиң мәлим етиўинше, 8-ноябрь күни республикамыз аймағына Кавказ тәрептен суўық ҳәм ығал ҳаўа ағымы кирип келеди. Күн даўамында бул ағым республикамыз бойлап тарқалады. Кешке қарай Өзбекстаннан орайлық аймақларына өтеди. Бул процессте республикамызда бултлылық дәрежеси артады. Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм, Бухара ҳәм Наўайы ўәлаятларында айрым орынларға жаўын жаўыўы күтиледи.

Екшемби күни күндизги температура бираз төменлейди. Республикамыз аймағында температура 8-13 градус болады. Келеси ҳәптениң басында суўық қайтып, түнги температура 0-5 градус жыллы, күндиз 10-15 градус дөгерегинде болады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында