Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.11.2020 15:30
  • 1149

Қарақалпақстанда қар жаўыўы күтилмекте: «Қарақалпақгидромет» хабар береди

Қарақалпақстанда қар жаўыўы күтилмекте: «Қарақалпақгидромет» хабар береди
«Қарақалпақгидромет»тиң мәлим етиўинше, 13-ноябрь ҳәм 16-ноябрь күнлери Қарақалпақстанда ҳаўа алағат бултласып, жаўын-шашын болмайды.

14-ноябрьде айрым жерлерде жаўын-шашын (жаўын, қар) болыўы күтиледи.
15-ноябрь күни айрым жерлерде аз муғдарда қар жаўады. Айрым жерлерге думан түседи. Самалдың бағыты шығыстан батысқа өзгерип тезлиги 7-12 м/с қа тең болады.

Ҳаўаның температурасы 13-ноябрь күни түнде -2-7 градус суўық, күндиз +3+8 градус жыллы. 14-ноябрь күни түнде -2+3 градус, күндиз +3+8 градус жыллы болады. 15-ноябрь күни түнде -4 -9 градус суўық, күндиз 0+5 градус жыллы болыўы күтиледи.

16-ноябрь күни түнде -6-11 градус суўық, күндиз 0+5градус жыллы болады.

Ислам Матеков,
Автортың түсирген фотосы.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында