
Қубла Корея Арқа Кореяның басшысы Ким Чен Инди өлтириў ушын арнаўлы отряд дүзбекте, деп хабар бермекте Lenta.ru басылымы.
Мағлыўматта жазылыўынша, Қубла Корея басшылары рәсмий түрде 2018-жылдағы қорғаныў тараўындағы қәрежетлерге Ким Чен Инди өлтириў ушын жумсалатуғын қаржыны да қосты. Отрядтың жумыс алып барыўы және шынығыўларына 340 миллион вон (310 мың доллар) жумсалатуғын болды.
Басылымның жазыўынша, отряд 2011-жылы халықаралық террорист Осама бен Ладенди өлтирген Американың SEAL Team Six отрядының бағдарламасы тийкарында шынығыўлар алып барады.
Қубла Корея басшылары алдағы ўакытта бул отрядтың жумыс алып барыўы ушын ажыратылатуғын қаржы муғдарын арттырыў нийетинде. Яғный, оның муғдары 26 миллиард вон (24 миллион доллар)ға жетиўи мүмкин.
Буннан алдын КХДР басшылары Корея ярым атаўында урыстың болыўы айқынласып баратырғаны ҳаққында айтып өткен еди. Рәсмий Пхеньян АҚШтың Қубла Кореяда әскерий шынығыўлар алып барыўы КХДРға соққы бериў ушын таярлықтың дәслепки басқышы деп есапламақта. Сондай-ақ, Арқа Корея урысты қәлемесе де, қәўип дөнген жағдайда қарап отырмайтуғынлығын билдирип өткен.
Ислам Матеков.