Telegram karinform

Жәмийет

  • 14.11.2020 17:02
  • 1236

Студент өз қәлеўи менен оқыўын онлайн даўам еттириўи мүмкин бе?

Студент өз қәлеўи менен оқыўын онлайн даўам еттириўи мүмкин бе?
Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлиги пресс-холында шөлкемлестирилген баспасөз конференциясында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги басқарма баслығы Абдували Холиқов:

- Жоқары оқыў орынлары қайсы курсты қашаннан баслаў кереклиги бойынша толық графигин таярлады. 16-ноябрь күни барлық студентлер ямаса барлық курслар оқыўға шақырылмайды. Буның имканияты жоқ. Курслардың әҳмийетлилик дәрежеси бойынша избе-изликте дәстүрий оқытыўға өтиў жоқары оқыў орынларының өз ўәкиллигинде.

Студентлердиң имканиятлары ҳәм жоқары оқыў орынларының имканиятлары биринши гезекте есапқа алыныўы керек. Ҳәр қандай шараятта да ҳәзирги ўақытта студенттиң ямаса жоқары оқыў орны хызметкериниң денсаўлығын ойлаған ҳалда әмелге асырыўымыз керек. Ҳәр бир жоқары оқыў орны усы талапқа әмел еткен ҳалда процессти басламақта.

Егер студентлердиң имканиятлары болмаса, өз қәлеўи менен аралықтан оқыўын даўам еттириў имканияты бар, - деп айтып өткен.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған