Telegram karinform

Экономика

  • 16.11.2020 11:27
  • 1404

Нөкис қаласында әмелге асырылатуғын қурылыс жумыслары ҳәм инвестициялық жойбарлар ҳаққында

Нөкис қаласында әмелге асырылатуғын қурылыс жумыслары ҳәм инвестициялық жойбарлар ҳаққында
2020-жыл 14-ноябрь күни Нөкис қаласы ҳәкимлиги тәрепинен Нөкис қаласында әмелге асырылған ҳәм жобаластырылған қурылыс жумысларына бағышланған баспасөз конференциясы өткерилди. Бул ҳаққында қала ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.

Конференцияда Нөкис қаласы ҳәкиминиң санаатты раўажландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалығы мәселелери бойынша орынбасары ў.ў.а. Бақберген Шарипов Нөкис қаласында әмелге асырылған ҳәм жобаластырылған қурылыс жумыслары ҳаққында кең түрде мағлыўмат берди.

Б.Шариповтың мағлыўмат бериўинше, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 10.01.2020-жылдағы ПҚ-4565-санлы қарарына муўапық, қалада 2020-жылда мәмлекетлик бюджет есабынан қаржы ажыратылатуғын жәми 9 қурылыс объекти (баҳасы 46,916 млрд. сум) мәнзилли мәмлекетлик бағдарламаға киргизилген.

Соннан Қарақалпақстан медициналық институты жанындағы клиника имараты қурылысына 12,2 млрд. сум, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты имараты қурылысына 15,6 млрд. сум ҳәм Қарақалпақстан Республикасы санитария-эпидемиологиялық тынышлық орайы қоймаханасын реконструкция етиўге 157,6 млн. сум пул қаржылары ажыратылыўы белгиленген.
Нөкис қаласында әмелге асырылатуғын қурылыс жумыслары ҳәм инвестициялық жойбарлар ҳаққында
Сондай-ақ, қалған 6 объекттиң жойбарлық-смета ҳүжжетлерин тендер таңлаўынан өткериў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң бирден-бир буйыртпашы хызмети «Инжиниринг компаниясы» тәрепинен Өзбекстан Республикасы Экономиканы раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги жанындағы жойбарлар ҳәм импорт шәртнамаларын комплекс экспертиза орайы мәмлекетлик унитар кәрханасына жиберилип, 2020-жыл 31-январь күни экспертиза жуўмақлары алынған.

Нөкис қаласы халық билимлендириў бөлимине қараслы 49- ҳәм 50-санлы мектеплерде спорт зал имараты қурылысы ушын ҳәр бирине 1,041 млрд. сумнан, 26-санлы мектеп имаратын реконструкция етиў ушын 3,452 млрд. сум, 37-санлы мектеп имаратын реконструкция етиў ушын 2,747 млрд. сум, Республикалық эндокринологиялық диспансери имаратын реконструкция етиў ушын 6,860 млрд. сум, Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиў илимий орайы Қарақалпақстан филиалы тез жәрдем бөлими имараты ушын 3,702 млрд. сум пул қаржылары ажыратылыўы белгиленген.

Соның менен бирге, бүгинги күнде Нөкис қаласында қурылыс жумыслары алып барылып атырған 9 обьектте 38,939 млрд. сумлық (83%) жумыслар әмелге асырылды ҳәм 40,484 млрд. сум қаржыландырылды. 6 объектте жумыслар жуўмақланып, имаратты тапсырыў жумыслары әмелге асырылмақта. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 20-августтағы 84-санлы протоколы тийкарында, Нөкис қаласында Регионаллық перинатал орайы имаратын реконструкциялаў киргизилди. Объект баҳасы 4 511,5 млн. сум болып, ҳәзирги ўақытта тийисли ҳүжжетлерди таярлаў жумыслары әмелге асырылмақта.

Буннан соң баспасөз конференциясында Нөкис қаласы ҳәкиминиң инвестициялар ҳәм сыртқы саўда мәселелери бойынша орынбасары Полатбек Кудияров тәрепинен Нөкис қаласының инвестициялық потенциалы ҳаққында мағлыўмат берилди.

Өткен 2 жыл даўамында, яғный 2018-2019-жылларда қалада 877,5 млрд. сумлық 255 жойбарлар иске түсирилип, жаңадан 2 214 жумыс орны жаратылған. Қаланың кейинги 2 жыл даўамында экономикалық өсиўин тәмийинлеў, санаат, аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўды жақсылаў, халыққа хызмет көрсетиў түрлерин көбейтиў, усылар арқалы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, сондай-ақ, экспорт потенциалын арттырыў ушын инвестицияларды қамтып алыў бойынша нәтийжели жойбарлар қәлиплестирилген.

2020-2022-жылларда Нөкис қаласында улыўма баҳасы 882,5 млрд. сумлық 181 жойбарды әмелге асырыў жобаластырылған болып, бул арқалы 1 639 жаңа жумыс орнын жаратыў көзде тутылған.

Атап айтқанда, Грузия мәмлекетинен 4,7 млн. доллар муғдарындағы туўрыдан-туўры сырт ел инвестициясы тийкарында «NUKUS MRR» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қоспа кәрханасы тәрепинен «Турмыслық электротехника өнимлерин ислеп шығарыў», Түркия мәмлекетинен 1,5 млн. доллар муғдарындағы туўрыдан-туўры сырт ел инвестициясы тийкарында жеке исбилермен Марта Таубалдиева тәрепинен «Мотел» қурыў, Япония мәмлекетинен 1,2 млн. доллар муғдарындағы туўрыдан-туўры сырт ел инвестициясы тийкарында «Greenland Water Products» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен «Ишимлик суўы, газленбеген лимонад ҳәм салқын тәбийғый чай өнимлерин ислеп шығарыў» жойбарлары усылардан айрымлары болып табылады.

Усы жылдың 9 айы даўамында 6,3 млн. доллар муғдарындағы туўрыдан-туўры сырт ел инвестициялары өзлестирилип, белгиленген жоба (01.10.2020. ҳалатына 9,4 млн. доллар) 149,2 процентке орынланды. Ҳәзирги күнде усы жойбарларда қурылыс-монтаж жумыслары алып барылмақта.

Баспасөз конференциясында ҳәкимликтиң жуўапкер хызметкерлери, қаладағы мәкеме басшылары ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, журналистлер хәм блогерлердиң қызықтырған сораўларына жуўап берди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

    Жынаят кодексиниң 139-статьясына тийкарланып, жала жабыў, яғный, билип турып басқа шахсты шерменде қылатуғын өтириклерди тарқатыў,

Лаўазымлы шахслар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабылламаў жуўапкершиликке себеп болады

Лаўазымлы шахслар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабылламаў жуўапкершиликке себеп болады

    Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 43-статьясына бола, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын қабыллаў ҳәм көрип шығыўды

«Ҳаяллар дәптери»не киргизилгенлерге қандай жәрдем көрсетиледи?

«Ҳаяллар дәптери»не киргизилгенлерге қандай жәрдем көрсетиледи?

    Ҳүкиметтиң 145-санлы қарары менен тастыйықланған нызамға тийкарланып, «Ҳаяллар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў төмендеги түрлерде әмелге