Telegram karinform

Жәмийет

  • 16.11.2020 13:28
  • 1023

Жоқары оқыў орынларында дәстүрий оқыў басланды

Жоқары оқыў орынларында дәстүрий оқыў басланды
Бүгин, 16-ноябрьден Республикалық арнаўлы комиссияның 2020-жыл 12-ноябрьдеги жыйналыс қарарына муўапық жоқары оқыў орынларында арнаўлы жоба-график тийкарында оқыў процеси дәстүрий тәризде басланды.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында арнаўлы илажлар жобасы ҳәм график ислеп шығылып, усы тийкарда дәстүрий сабақлар басланды.
Жоқары оқыў орынларында дәстүрий оқыў басланды
- Институтымызда бакалавриаттың күндизги ҳәм кешки билимлендириў бағдарларының 1-курс студентлери, ал бүгин, 16-ноябрьден баслап бакалавриаттың күндизги билимлендириў бағдарларының жоқарғы курс (2-3-4-курс) студентлерине дәстүрий сабақлар басланды, - дейди институттың оқыў-методикалық басқармасы баслығы А.Абдиев. – Сыртқы билимлендириў бағдарларының, сондай-ақ, магистратура қәнигеликлериниң студентлери оқыўын онлайн тәризде даўам еттирмекте.
Жоқары оқыў орынларында дәстүрий оқыў басланды
Пандемия шараятын есапқа алған ҳалда дәстүрий сабақлар 50 минут даўамлылықта алып барылмақта. Соның менен бирге, студентлер ҳәм олардың ата-аналары менен өткерилген сораўнама нәтийжелерине қарай студентлерди дәстүрий ямаса онлайн тәризде оқытыў жолға қойылған.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан