Telegram karinform

Жәмийет

  • 19.11.2020 14:04
  • 784

Нөкисли әке үш перзенти ушын алимент орнына жай берди

Нөкисли әке үш перзенти ушын алимент орнына жай берди
Нөкис қаласында жасайтуғын әке алдынғы өмирлик жолдасынан болған 3 перзенти ушын алимент орнына жай берди. Бул ҳаққында Мәжбүрий орынлаў бюросына тийкарланып «Дарё» хабар берди.

Нөкис районлар аралық пуқаралық ислери бойынша суды 2018-жыл 28-июльда қарыздар М.У.дан даўагер Г.Жумашеваның пайдасына 3 перзентиниң материаллық тәмийнаты ушын қарыздардың ҳәр айдағы дәраматының ярымы муғдарында алимент напақасын өндириўди белгилеген болып, бул орынлаў ҳүжжети Мәжбүрий орынлаў бюросы Нөкис қалалық бөлимине 2018-жыл 16-июльда келип түскен ҳәм орынлаў бойынша ис ашылған.

Мәжбүрий орынлаў ҳәрекетлери даўамында бөлимниң мәмлекетлик орынлаўшылары тәрепинен бир неше мәрте ескертилгенине қарамастан, қарыздар әке алимент напақасын қастан төлемей келген ҳәм ақыбетинде 2018-жыл 28-июньнан 2019-жыл 11-январь аралығындағы дәўир ушын қарыздарлық 18 миллион 149,9 мың сумды қураған.

Сол себепли бөлим тәрепинен усы орынлаў ҳүжжети бойынша тийисли ҳүжжетлер топланған ҳалда Нөкис қалалық ҳәкимшилик судына жиберилген ҳәм 2019-жыл 4-декабрьде болып өткен мәжилисте суд тәрепинен қарыздар әкеге 15 күнлик ҳәкимшилик қамақ жазасы тайынланған.

Буннан кейин де тийисли жуўмақ шығармаған әке алимент напақасын төлеместен келгени ақыбетинде 2020-жылдың октябрь айы жағдайына қарыздарлық 33 миллион 151,4 мың сумнан өтип кеткен.

Соң бөлимниң мәмлекетлик орынлаўшылары тәрепинен қарыздар әкеге келип шығыўы мүмкин болған ҳуқықый ақыбетлер түсиндирилгенинде қарыздар әке өзиниң атындағы жайын бериў нийетин билдирди.

Нәтийжеде бурынғы өмирлик жолдаслар өз ара келисип, алиментши әке Нөкис қаласы аймағында жайласқан жайын алдынғы өмирлик жолдасының атына рәсмийлестирип берди ҳәм усы орынлаў ҳүжжети тийисли тәртипте жуўмақланды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған