Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.11.2020 11:54
  • 1664

«Үрп-әдет»ке айланған иллет ямаса «Қыз алып қашыў» халқымыздың дәстүри емес!

«Үрп-әдет»ке айланған иллет ямаса «Қыз алып қашыў» халқымыздың дәстүри емес!
Бурынғы Кеңес ҳүкимети дәўиринде мәденияттан, миллийликтен ҳәм диннен узақластырыў сиясаты алып барылғаны ҳеш кимге сыр емес.

Соның нәтийжесинде бир қанша әжайып үрп-әдетлеримиз, салт-дәстүрлеримиз умытылып, олардың орнын унамсыз иллетлер ийелей баслады. Солардан бири — кейинги ўақытлары үрдиске айланып, ҳәтте қарақалпақлардың «үрп-әдет»и деген орынсыз пикирлер пайда болып атырған «қыз алып қашыў» иллети есапланады.

Бүгинги күнде зорлық пенен қыз алып қашыў¬ға ҳәрекет етип атырған айырым «жигит»лердиң видео көринислери социаллық тармақларда кең тарқалып атырғанының гүўасы болмақтамыз. Әлбетте, бул — миллетти тәшўишке салатуғын, ҳәр биримиздиң кеўлимизди қабартатуғын жағдай.

Қызды разылығысыз, зорлық пенен алып қашыў ҳуқықый нормаларға, соның менен бирге шәриятқа да кери ис есапланады. Өйткени, инсанның еркинлиги менен ҳуқықының бузылыўын шәриятымыз қатаң қаралайды. Бул инсанның ар-намысын ҳәм абырайын аяқ асты етиў менен бирге, үлкен гүна есапланады.

Муқаддес динимиз тәлийматларында неке — инсаный байланыслар ишиндеги ең муқаддеси. Ол — әўладлар даўамыйлығы ушын шәрияттың белгилеп қойған нызамларының бири. Бул ҳаққында Қураны кәрийм ҳәм ҳәдислерде де айтылған. Аллаҳ таала Қураны кәриймде ҳаялларға некелениң дейди. Демек, ер жигит ҳәм қыз бала ортасындағы шаңарақ неке тийкарында қурылыўы шәрт. Ал, алып қашыў болса, Қураны кәрийм көрсетпелерине қайшы келгени ушын ҳарам саналады.

Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынған ҳәдисте Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:

«Қыз келисим бермегенше, турмысқа шықпайды», - деди. Буннан мәлим, қыз қарсы болып турған жағдайда оны алып қашыў менен шаңарақ қурылмайды. Бундай зорлық пенен қурылған шаңарақтың келешеги болмайды.

«Қыздың өзи разы», деп алып қашыў да дурыс емес. Өйткени, қыз перзент ата-анасына, аға-инилерине аманат. Ата-анасы, туўысқанлары оны өзгелерден қорғап, өз жуўапкершилигине алыўы керек. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:

«...Ер адам өзиниң шаңарағына басшы ҳәм олар¬ға жуўапкер...» - деген. Сондай екен, қыздың өзи разы деген бәне менен оның ата-анасын, жақынларын наразы етип, шаңарақ қурыўды ҳеш ким жақсы ис, деп есапламаса керек.

Бүгинги күнде ата-анасының разылығын алмастан қыз урлап атырған жигитлер ямаса өз билгенинше қашып кетип атырған қызлар көп ушырасады. Ең аянышлысы олардың бул ислеринен басы ийилген ата-анасы «Мениң бундай балам, қызым жоқ», деп наразы болады. Бул ата-анаға ақ болыў дегени, бул жүдә аўыр гүна есапланады.

Өйткени, ата-анаға бойсыныў, олардың разылығын алыў — парыз.

Термизийден рәўият қы¬лынған ҳәдисте Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:

«Аллаҳтың разылығы — ата-ананың разылығында, ал, Аллаҳтың ғәзеби ата-ананың ғәзебинде», - деген. Сонлықтан да, ата-анаға бойсыныў, олардың разы етиў ҳәр бир перзенттиң миннети.

Соның менен бирге, ата-ана разы болса болды деп, қызды мәжбүрлеп алып қашыў да дурыс емес. Ислам дининде некениң келисим менен болыўы кереклиги айтылған. Зорлық пенен барған қыз некени ҳақыйқый қабыл етпейди. Егер қыз мәжбүрлеп көндирилген тәғдирде онда бундай неке ҳақыйқый болмайды.

Әбиў Даўыт ҳәм Аҳмад рәўият қылған ҳәдисте:

«Бир қыз бала Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа салламның алдына келип, әкеси оны күйеўге бергенин, ал, ол жақтырмайтуғынын айтты. Сонда, Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ықтыярды сол қызға берди», - делинген.

Яғный, қыз некеде қалыўды қәлесе, неке келисими күшке киреди, болмаса, неке бузылады. Бул ис исламда ҳаял-қызлардың ерки, ҳақ-ҳуқықларына қаншелли әмел етилиўин көрсетеди. Себеби, усы ҳүкимнен басқасы туўры емес. Себеби, неке — өмир саўдасы, кеўил мәселеси. Кеўилге жақпаған адам менен бир дастыққа бас қойып, өмир бойы жасаў аңсат па?

Сондай-ақ, Ислам дини ҳаял-қызларды ҳүрметлеп, ҳуқықларын қорғайды. Мусылман қыз нәресте ўақтында ана сүтин емиў, жақынларының ғамқорлығын көриў, тәрбияланыў ҳуқықына ийе. Ал, қызды алып қашыў оның ҳуқықын, ар-намысын аяқасты етип, еркинлигин шеклеў болады. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам хошласыў ҳажында Минада турып, қурбанлық күни: «Әлбетте, қанларыңыз, малларыңыз, абырайларыңыз сизлер ушын усы күниңиз (Қурбан ҳайыт), усы елиңиз (Мәккә), усы айыңыздың ҳүрмети сыяқлы ҳүрметли», - деп, инсан ар-намысының, абырайының қаншелли әзиз екенин көрсетип берген. Қызды турмысқа мәж¬бүрлеп ҳеш ким бере алмайды, соның менен бирге, ҳеш ким мәжбүрлеп ҳаял қылып та ала алмайды.

Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексине муўапық, бундай қыз алып қашыў ҳәрекети жынаят есапланады. Адам урлаған пуқара нызам алдында жуўап береди.

Демек, қыз алып қашыў муқаддес Ислам дини көрсетпелерине кери әмел екен. Сонлықтан, бундай ис ҳарам етилген. Сондай екен, бул иллетти ата-бабаларымыз ислеген, ол дәстүримиз деп айтыў, орынсыз. Себеби, ата-бабаларымыз неше әсирлерден берли Ислам динине исеним арттырып келген. Оның көрсетпелерин булжытпай орынлаған, солай екен қыз алып қашыўға жол қоймағанлығы сөзсиз. Соның менен бирге, қыз перзент елдиң ар-намысы болып қәдирленген. Өз намысының, бундай пәске урылыўына бабаларымыз разы болған деў, наданлық.

Әлбетте, ҳәр бир қыз басына келинлик орамалын таққысы келеди, бирақ зорлық-зомбылық пенен емес. Усы «дәстүр» себепли қаншадан-қанша қызлардың намысы аяқ-асты болған жоқ па? Усы «дәстүр» себепли қаншадан-қанша әкелердиң жүзи төмен қараған жоқ па? Усы «дәстүр» себепли қаншадан-қанша татыў шаңарақлар шайқалмады дейсиз!

Ҳәттеки, бир буйым урлан¬ғанын билсек, милиция менен излеймиз. Ал, қыз урланса, қуда түссин, деп мәс болып отыратуғын ҳалға келдик пе? Усы ма ата-бабамыздан қал¬ған «дәстүр»! Бул бизге керек пе?

Яқ, бул ҳасла бизге ата-бабамыздан қалған дәстүр емес, ҳасла!!!

Бул «Қыз алып қашыў» деген «дәстүр» (өзи буны дәстүр деў ақылға сыймайды) миллий үрп-әдетлеримизге жат болған иллет. Ҳәзир де айырым адамлар сондай етпесек, айттырып алыўға шамамыз жетпейди, дейди. Ал, негизинде «қыз алып қашыў»да аз-аздан шығын көп кетеди. Айттырып алыўда егер шала саўатлылар, зериккенлер, айырым «билгишлер» тәрепинен қосылған мәниссиз, ойлап табылған әдетлер болмаса, қәрежет көп талап етилмейди. Бир ойлап көриң, ҳәзирги тойларымыздағы көпшилик үрп-әдетлер артықша шығыннан басқа нәрсе емес.

Әдетте, шаңарақ қурмақшы болған жаслар биринши нәўбетте ата-аналары менен мәсләҳәтлесиўи, олардың ақ пәтияларын алыўы керек.

Буннан тысқары, алып қашып, той бергенде ысырапкершиликке де көп жол қо¬йылады. Бул қандай ысырапкершилик, деўиңиз мүмкин. Мәселен, қыз алып қашыў нәтийжесинде «Тәп берди», «Қуўғыншы», «Шашыў», «Кийим әкелип бериўи», «Орамал қутлы болсын»... ҳәм тағы басқа ҳәдден тыс тийкарсыз үрп-әдетлер пайда бола баслады. Ал, бул өз гезегинде елимизде әмелге асырылып атырған Өзбекстан Республикасы Президентиниң 1998-жыл 28-октябрьдеги «Той-мерекелер, шаңарақ зыяпатлары, мереке ҳәм мәресимлер, марҳумларды еслеўге бағышланған жыйынларды өткериўди тәртипке салыў ҳаққында»ғы Пәрманына ҳәм Олий Мажлис Сенатының 2019-жыл 14-сентябрьдеги «Тойлар, шаңарақлық мәресимлер, мереке ҳәм мәресимлер өткерилиўин тәртипке салыў ҳаққында»ғы Режесине қайшы ис болып саналады.

Және бир мәрте айтқымыз келеди, «Қыз алып қашыў» әййемнен қарақалпақ халқында да, қоңсылас еллерде де болмаған. Себеби, жоқарыда айтқанымыздай ата-бабаларымыз ҳәмме нәрсени мусылманшылығымызға, шәриятқа сай ҳалда ислеген. Айырым «шала саўатлар»дың айтып атырғанындай бул ата-бабалардан қалған үрп-әдет емес. Бундай деў ата-бабаларымызға деген жала, дөҳмет есапланады. Олар ҳеш қашан «қыз урлаў»ды үрп-әдет санамаған. Керисинше, қыздың қашып кетиўи оның ата-анасына, аға-инилерине ар есапланған, оларды тирилей көмген менен барабар болған. Буны тарийхшы-этнограф алымларымыз да тастыйықлайды.
Ата-бабаларымыз заманында жигитлер қызды алып қашыў былай турсын, оларға артықша сөз де айтпаған ғой. Жеңгелери арқалы сөз айт¬қан. Ал, ҳәзир-ше?! Сыртынан бир-еки рет көрип, өзинше унат¬қан болып, биреўдиң әширепилеп, абайлап өсирип атыр¬ған қызын қасына өзине уқсаған бес-алты жигитти алып күш жумсап, зорлық пенен алып қашып атырған жигит — ол қандай жигит? Егер оның жигитлик ар-намысы болса, сондай етер ме еди?!

Оны да қоя турың, қызды үйине алып барып, бир ханаға қамап, мәжбүрий түрде «өз разылығым менен келдим...» мазмунындағы «Тил хат»ты жаздырып алыў, босағаға бир кемпир жатып алып, «үстимнен атлап өтсең, кете бер», ямаса Қуран китапты қойып, «Қураннан атлай алсаң, кете бер», «Кетип қалсаң, саған терис пәтиямды беремен» ямаса «Сени ғарғап өтемен» сыяқлы усыллар менен қыздың жолын тосыў — қаяқтан шыққан үрп-әдет, қаяқтан шыққан салт-дәстүр?

Бүгинги күндеги көпшилик жас шаңарақлардың ажырасыўы, шаңарақлардағы аўызбиршилик ҳәм берекеттиң жоғалыўы, ерли-зайыплылардың бир-бирине исенимсизлиги ҳәм тағы басқа да көплеген унамсыз жағдайларға, мине, усы қыз алып қашып, турмыс қурыў себеп болмақта.

Усындай иллет себепли базы қызларымыз сол есикте мәжбүрий қалады. Бирақ, бир қыздың жүреги жараланып, өмири ойран, тәғдири тас-тал¬қан болады. Набада турмысы келиспесе «Қайтқан қыз», «Ажырасқан ҳаял» атын алып, қалған өмирине күйе жағылып өтеди. Сонлықтан, танымаған-билмеген қызды алып қашыў қарақалпақ дәстүринде жоқ. Ол — зорлық, жынаят. Биз, қызым — ар-намысым, қыз намысы — ел намысы, деген халықпыз.

«Алып қашып кетилген қызлардың айырымлары шаңарақлы болып, турмысы жал¬ғасып кетип атыр-ғо» — деўиңиз мүмкин, бирақ қыз бала үйинен узатылып, ата-анасының разылығы менен ақ пәтия¬сын алса, нур үстине нур болар еди.

Соның менен бирге усы орында бир гәпти айта өтиў орынлы. Алып қашып үйленген қыз бенен жигиттен туўылар перзенттиң саламатлығы қандай болады?!. Бул не демекши, деп ойлап қаларсыз, бәлким.

Перзент — шаңарақ жемиси, ертеңги күнги айнаңыз. Перзент — жәмийет тиреги. Перзент¬леримиз саламат болса, жәми¬йет саламат болады, турмысымыз саламат. Соның ушын мәмлекетимизде некелениўши жаслар медициналық тексериўден бийпул өтиўи, кеселликлер анықланса сыр сақланып, даўаланыўы Нызам менен қатаң белгилеп қойылған. Хош, енди ойлап көрейик, алып қашып келинген қыз бенен турмыс қурмақшы болған жигит усы медициналық тексериўден өтип, некеленип турмыс баслар ма екен?! Әтирапыңыздағы өзиңиз гүўасы бол¬ған усындай ҳалатта қайсы жигит қыз медициналық тексериўден өткен екен?! Демек, майып перзентлердиң туўылыўы, перзентсизлик дағындағы шаңарақлардың базылары медициналық тексериўге итибарсызлық еткенниң аўыр ақыбетлеринен. Әдетте, саламат ата-анадан саламат перзент дүньяға келеди. Қала берди бүгингидей экологиялық жағдайда саламат перзент көрмекши болған шаңарақ медициналық тексериўге дыққат-итибарлы болыўы шәрт. Медициналық тексериў мәмлекетимиз тәрепинен кепилленген.

Буннан тысқары кәмил перзентлердиң дүньяға келиўинде неке қыйылыўының орны әҳмийетли. Буның ушын бүгинги күнде елимизде неке гүўалығының болыўы шәрт етилген. Алып қашып келингенинде неке гүўалығы қайда дейсиз?!

Әттең, деймиз. Мине қарап турсаңыз әпиўайы көринген лекин келешекте өзимиздиң камалатымыз ушын тасы аўыр болған бул ислерге бийпәрўалық етпей өз ўақтында ислениўине жан күйдирсек қандай әжайып болар еди. Ўақты келип келешек әўладымыздан — баламыз, ақлығымыз ямаса шаўлығымыздан рәҳәт көргенде ўақтында бийпәрўалыққа берилмей болмай жан күйдирген исимиз нәтийжеси екенинен кеўлимиз толады. Ең баслысы, мусылманшылығымыз көрсетпелерине әмел еткен боламыз, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам сүннетин орынлап саўап аламыз.

Ҳүрметли ата-аналар ҳәм турмыс қурыў алдында турған жигит-қызлар!

Неке — исламда муқаддес байланыслардың бири, ал, шаңарақ — жәмийеттиң бир бөлеги болған беккем қорған есапланады. Солай екен, бул муқаддес байланысқа дақ түсирмейик, беккем қорғанға зыян жеткизбейик! Шаңарақ қу¬рыў¬да динимиз көрсетпелерине әмел етип, ата-бабаларымыздан мийрас қалған сап үрп-әдетлеримизди даўам еттирейик!

Шамсуддин БАҲАУДДИНОВ.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы.


«Еркин Қарақалпақстан» газетасынан алынды.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

20-декабрь күни Қарақалпақстанда қандай ҳаўа райы бақланады?

20-декабрь күни Қарақалпақстанда қандай ҳаўа райы бақланады?

Уқсас жаңалықлар

Еркеклер де, ҳаяллар да мүддетинен еки жыл алдын жасқа байланыслы пенсияға шығыўы мүмкин, егер...

Еркеклер де, ҳаяллар да мүддетинен еки жыл алдын жасқа байланыслы пенсияға шығыўы мүмкин, егер...

    «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы нызамның 14-статьясына бола, технологиядағы, ислеп шығарыў ҳәм мийнетти шөлкемлестириўдеги өзгерислер,

Муғаллим телефонды алып қойыўға ҳақысы жоқ дейсиз бе, алжасасыз! (+ видео)

Муғаллим телефонды алып қойыўға ҳақысы жоқ дейсиз бе, алжасасыз! (+ видео)

    Өзбекстан Республикасы Конституциясында Билимлендириў шөлкемлери аймағында ҳәм аудиторияларында телефонлардан пайдаланыў тәртиби белгиленген. Билимлендириў шөлкемине келгенде

Бала пулын алып атырған шаңарақта балалардың саны көбейсе не болады?

Бала пулын алып атырған шаңарақта балалардың саны көбейсе не болады?

    Министрлер Кеңесиниң 654-санлы қарары менен тастыйықланған нызамға тийкарланып, – Балалар напақасы тайынланған шаңарақта балалар саны