Telegram karinform

Сиясат

  • 20.11.2020 16:53
  • 1422

Өзбекстан ҳәм Қазақстан демаркациялық комиссиясында Маңғыстаў менен Қарақалпақстан арасындағы шегараны белгилеў мәселеси көрип шығылды

Өзбекстан ҳәм Қазақстан демаркациялық комиссиясында Маңғыстаў менен Қарақалпақстан арасындағы шегараны белгилеў мәселеси көрип шығылды
12-17-ноябрь күнлери Сырдәрья ўәлаятының Гүлистан қаласында Өзбекстан-Қазақстан демаркациялық қоспа комиссиясында Өзбекстан Республикасы ҳәм Қазақстан Республикасы ҳүкиметлик делегацияларының гезектеги жыйналысы болып өтти. Бул ҳаққында «Дунё» мәлимлеме агентлигине тийкарланып «Xabar.uz» мәлим етти.

Хабарда жазылыўынша, комиссия Маңғыстаў областы менен шегаралас болған Қарақалпақстан қурамындағы участкасы ушын мәмлекетлер аралық шегараны белгилеў бойынша жуўмақлаўшы ҳүжжетлердиң жойбарларын таярлаўды даўам еттирген.

Комиссия жыйналысы даўамында Сардоба суў сақлағышы бөгетиниң опырылыўы нәтийжесинде бузылған шегара сүтинлерин тиклеў мақсетинде Қазақстан Республикасының Түркстан областы менен шегара бойлап Өзбекстан Республикасының Сырдәрья ҳәм Жиззақ ўәлаятлары шегараларында Өзбекстан-Қазақстан мәмлекетлик шегарасының айрым участкаларында дала тексериўи өткерилди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Уқсас жаңалықлар

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

        АҚШтың студентлик ҳәм басқа түрдеги визаларын алажақ болған адамлардың социаллық тармақлары тексериледи. Мәмлекетлик хаткер Марко