
Нөкис қаласы ҳәкимлиги ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм блогерлер тәрепинен жәрияланып, халыққа берилип атырған мағлыўматларды бақлап, өзиниң позициясын билдирип келмекте. 2020-жылдың 16-октябрь күни Нөкис қаласы ҳəкимлигиниң Мəлимлеме хызмети басшысы лаўазымына Нөкис қаласы ҳәкимлиги Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалы менен биргеликте ашық таңлаў тийкарында тайынланды. Бул ҳаққында ғалаба хабар қураллары, тийисли сайтлар ҳәм социаллық тармақлар арқалы да халыққа мәлим етилди.
Бирақ, өткерилген таңлаўдан наразы болып, Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң лаўазымлы хызметкерлери ҳәм басқа да қәнигелерин абырайсызландырыў, халықтың арасында жергиликли ҳәкимиятқа болған исенимди жоққа шығарыў мақсетинде социаллық тармақларда өзиниң блогерлик жумысын алып барып атырған Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы ағзасы Ә.Оразов тәрепинен жәрияланып атырған текст ҳәм видео көринислердеги хабарлар пикиримиздиң айқын дәлили.
Нөкис қаласы ҳәкимлиги тәрепинен Ә.Оразовтың мүрәжатларына өз ўақтында жуўап берилмекте. Усы жылдың 25-октябрь күни Нөкис қаласы ҳәкимлигинде өткерилген «сессия¬ға блогер киргизилмеди, журналисттиң ҳуқықлары шекленди» деген видеоматериалға 27-октябрь күни ҳәкимлик тәрепинен мүнәсибет билдирилди.
Ол Нөкис қаласының «Өзбекстан гүзары»нда алып барылып атырған жумысларды да унамсыз етип көрсетиўге ҳәрекет етип, 2020-жыл 26-октябрь күни саат 19:00де Нөкис қаласы «Өзбекстан» гузары 36-38-үй турғынлары менен ушырасыў өткерилгенлиги, онда аймақ турғынлары банк кредитлерин алыўға мәжбүрленип атырғанлығы, заманагөй «ақыллы» ысытқышлар қурдырыў бойынша усынысына қарсы екенлиги ҳәм усы сыяқлы тийкарсыз болған мағлыўматларды таярлап, өз каналында жәриялады. Бул видеоматериалға да Нөкис қаласы ҳәкимлиги тәрепинен 29-октябрь күни рәсмий жуўап берилди.
Сондай-ақ, ол пуқара сыпатында жеке мәпи жолында Нөкис қаласы ҳәкимлигине бир неше мәрте мүрәжат етиўге келип, Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы ағзасы екенлигинен пайдаланып, ишки тәртипти бузыўға урынды. Ҳәкимлик имаратына телефонды тапсырип кириў нызам тийкарында емеслиги бойынша ҳәкимлик ҳәм оның қәнигелериниң ар-намысына тийиўши сөзлерди журналистлик этикаға туўра келмейтуғын ис-ҳәрекетлери арқалы әмелге асырып, бир неше видеоларды социаллық тармақлардағы аудиториясына ийе блогерлердиң каналлары арқалы тарқатты.
Мағлыўмат ушын, пуқаралардың мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәкемелерге мүрәжат етип келген ўақтындағы дәўири мәкеме ҳәм пуқара арасындағы ғалабалық-ҳуқықый (ҳәкимшилик) қатнасықлары болып есапланады. Сол тийкарында пуқаралар тәрепинен ҳәкимлик имараты ҳәм аймағында қол (мобиль) телефонларды ўақтынша тапсырып кирип-шығыў әмелияты пуқаралардың мүлкий ҳуқықларын шеклеўди аңлатпайды.
Kkturmis.uz сайты арқалы «...Нөкис қаласы ҳǝкими ўазыйпасын атқарыўшы У.Панаевқа!» жоллаған мүрәжат тәризиндеги мақаласында Нөкис қаласы ҳəкимлигиниң Мəлимлеме хызмети басшысы лаўазымына ҳәкимлик ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен өткерилген ашық таңлаўдың нәтийжелеринен наразылығын билдирген. Бирақ, бул ҳаққында видеогүзетиў астында өткерилген танлаў процессинде де, таңлаўдың сәўбетлесиў басқышынан кейинги берилген телевидениеге интервьюсында да таңлаў ашық-әшкара өткенлиги, ҳеш қандай наразылығы жоқ екенлигин билдирген.
Сәўбетлесиў нәтийжелери шыққаннан соң, таңлаў ҳаққындағы талабанның жеке пикири өзгериўи ҳеш қайсы ғалаба хабар қуралы ўәкили, журналист, блогерге ҳәкимлик, ҳәким орынбасарлары, Мәлимлеме хызмети баслығы ҳәм басқа таңлаўда жуўапкер болған тараў ўәкиллерин абырайсызландырып, журналистлик этикаға туўра келмейтуғын тәризде өзин тутып, халыққа жергиликли ҳәкимият ҳаққында надурыс мағлыўматлар тарқатыў хуқықын бермейди.
Нөкис қаласы ҳәкимлиги Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлими ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлиги Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар басқармасынан Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы ағзасы, журналист Ә.Оразов тәрепинен жәрияланып атырған материалларға мүнәсибет билдирип, оның жоқарыдағы ис-ҳәрекетлери қаншелли дәрежеде журналистлик этика қағыйдаларына сәйкес келиўи ямаса келмейтуғынлығын анықлап бериўин сорайды.
Нөкис қаласы ҳәкимлиги
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz