Telegram karinform

Жәмийет

  • 26.11.2020 11:33
  • 915

Қарақалпақстан аймағында бақланған жер силкиниўи ҳаққында

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасының мәлим етиўинше, қоңсылас Қазақстан Республикасында 2,9 магнитудалы жер силкиниўи жүз берген. Қазақстанда жүз берген жер силкиниўиниң қандайда бир киши толқыны Қарақалпақстан Республикасы аймағында сезилген.

Басқарма мәлимлеме хызмети халқымыз ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллеринен артықша ҳаўлықпаға берилмеўди, ҳеш қандай қорқынышлы жағдай жоқ екенлигин, соның менен бирге тийкарсыз мағлыўмат тарқатпаўды сораған.

Қазақстан Республикасының тийкарғы мәлимлеме тарқатыў каналлары – Kazinform.kz, Tengrinews.kz, Baq.kz сыяқлы рәсмий дәреклеринде жер силкиниўи ҳаққында мағлыўматлар жоқ.

Сондай-ақ, Қазақстанда жүз берген жер силкиниўиниң Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстанның басқа аймақларында бақланғаны ҳаққында Өзбекстан Республикасы Сейсмопрогностикалық мониторинг орайы тәрепинен ҳәзирше мағлыўмат жәрияланбады.

Қарақалпақстан аймағында бақланған жер силкиниўи ҳаққында
«Volcanodiscovery.com» басылымында мағлыўмат берилиўинше, 25-ноябрь күни саат 23:40 лар шамасында Қарақалпақстан аймағында 80 км тереңликте 3,7 магнитудалы жер силкиниўи бақланған.

Өзбекстан Республикасы Сейсмопрогностикалық мониторинг орайы тәрепинен рәсмий мағлыўматлар берилсе жәриялаймыз.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында