Telegram karinform

Жәмийет

  • 30.11.2020 12:22
  • 1105

Қоңыратта адам өлими менен байланыслы жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берди

Қоңыратта адам өлими менен байланыслы жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берди
Усы жылдың 27-ноябрь күни саат 01:45 лер шамасында Шоманай районы турғыны 1991-жылы туўылған С.Б. өз басқарыўындағы, мәмлекетлик белгиси 95 Y 308 HA болған «Nexia» маркалы автомобилинде Қоңырат районы аймағынан өтиўши 4Р-173 «Қоңырат-Мойнақ» жолының 4-5-километри аралығында усы жолдан кесип өтип атырған пуқара Қ.Ж.ны дүгип кеткен. Бул ҳаққында ҚР ИИМ ЖҲҚБ баспасөз хызмети хабар берди.
Қоңыратта адам өлими менен байланыслы жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берди
Ўақыя ақыбетинде пуқара Қ.Ж. алған дене жарақатлары себепли емлеўханада өзине келместен қайтыс болған.

Қоңырат районлық ИИБ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги бөлимшеси баслығы Б.Бекмуратовтың мәлим етиўинше, пуқараның автомобиль жолының белгиленбеген жеринен кесип өтиўи, мәс ҳалында автомобиль жолында ҳәрекетлениўи ҳәм автомобильдиң белгиленген тезликтен артық ҳәрекетлениўи усы жол-транспорт ҳәдийсесиниң баслы себеплери болып табылады.

Районлық ИИБ жанындағы тергеў бөлимшеси тергеўшиси Қ.Садықовтың мағлыўмат бериўинше, жүз берген ҳәдийсе бойынша ҳәзирги ўақытта ӨзР Жынаят кодексиниң 266-статьясы 2-бөлими менен жынаят иси ашылған болып, дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

Уқсас жаңалықлар

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

        Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын жедел түрде қабыл