1-декабрь – Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында 1-декабрь – Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгениниң 31 жыллығы мүнәсибети менен байрам салтанаты өткерилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов Қарақалпақстан Республикасының «Мəмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилгениниң 31 жыллық байрамы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳəм Министрлер Кеңеси атынан қызғын қутлықлап, соӊғы жылларда елимизде ана тилимизди сақлаўға, оны және де байытыўға мәмлекетлик сиясат дәрежесинде итибар қаратылып, әмелий илажлар әмелге асырылып атырғанын айрықша атап өтти.
Тил – бул халықтың тарийхын, мәдений мийрасларын, турмыс тәризин, үрп-әдет ҳәм салт-дәстүрлерин өзинде жәмлестирген бийбаҳа ғәзийне болып саналады.
Бүгинги күнде қарақалпақ тилиниң халқымыздың социаллық турмысында абыройы ҳәм орнын және де арттырыў, өсип киятырған жасларымызды Ўатанды сүйиўшилик, миллий дәстүр ҳәм қәдириятларға садықлық, уллы ата-бабаларымыздың бай мийрасының даўамшысы руўхында тәрбиялаў, елимизде мәмлекетлик тилди толық енгизиўди тәмийинлеў бойынша бир қатар әмелий жумыслар алып барылмақта.
Тил – бул халықтың тарийхын, мәдений мийрасларын, турмыс тәризин, үрп-әдет ҳәм салт-дәстүрлерин өзинде жәмлестирген бийбаҳа ғәзийне болып саналады.
Бүгинги күнде қарақалпақ тилиниң халқымыздың социаллық турмысында абыройы ҳәм орнын және де арттырыў, өсип киятырған жасларымызды Ўатанды сүйиўшилик, миллий дәстүр ҳәм қәдириятларға садықлық, уллы ата-бабаларымыздың бай мийрасының даўамшысы руўхында тәрбиялаў, елимизде мәмлекетлик тилди толық енгизиўди тәмийинлеў бойынша бир қатар әмелий жумыслар алып барылмақта.
Атап айтқанда, қарақалпақ тилиндеги жаңа сабақлықлар менен қолланбалардың, әдебий китаплардың, китапша ҳәм монографиялардың баспадан шығып атырғаны, ана тилимизди раўажландырыўға бағышланған илимий әнжуманлар менен басқа-да илажлардың шөлкемлестирилип киятырғаны, Ибрайым Юсупов атындағы қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнин терең үйрениўге бағдарланған дөретиўшилик мектебиниң ашылғаны, Қытай ҳәм Қазақстан мәмлекетлери менен бир қатар халықаралық жойбарлар тийкарында жумыслардыӊ жолға қойылғаны, Министрлер Кеӊеси Баслығыныӊ, сондай-ақ, қала ҳәм район ҳәкимлериниӊ мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин тәмийинлеў мәселелери бойынша кеңесгөйи лаўазымыныӊ енгизилгени, Қуран мәнилериниң ҳәм басқа да бир қатар диний китапларының қарақалпақ тилиндеги аўдармаларының басып шығарылғаны, ана тилимиздиӊ тазалығын сақлаўда әҳмийетли орын тутатуғын латын имласындағы “Қарақалпақ тилиниӊ орфографиялық сөзлиги”ниӊ баспадан шығыў алдында турғаны – булардың барлығы ана тилимизге деген жоқары итибар ҳәм ғамхорлықтың айқын көриниси саналады.
Соны да айрықша атап өтиўимиз тийис, жақында ғана Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Президиумы тәрепинен “Қарақалпақ тилиниң мәмлекетлик тил сыпатындағы абырайын ҳәм орнын және де арттырыў илажлары ҳаққында”ғы арнаўлы қарары қабыл етилди.
Мине, усы қарар тийкарында Министрлер Кеңеси жанында Мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаментин шөлкемлестириў, «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамыныӊ жаңа редакциядағы жойбарын ислеп шығыў, илимий тийкарланған жаңа сөз ҳәм атамаларды рәсмий айланысқа енгизиў бойынша Атамалар комиссиясын шөлкемлестириў, мәмлекетлик тилди раўажландырыў бойынша бағдарламалар ҳәм «Жол карта»ларын ислеп шығыў, «Қарақалпақ тили байрамы күни»н белгилеў бойынша жумысларды муўапықластырыў, сондай-ақ, 2021-2030-жылларда қарақалпақ тилин раўажландырыў ҳәмде тил сиясатын жетилистириў концепциясы ҳәм мәмлекетлик бағдарламасын ислеп шығыў сыяқлы бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынды.
Бул ийгиликли жумыслар ҳәзирги глобалласыў ҳәм информация дәўиринде ана тилимизди таза сақлаў ҳәм оны келешек әўладқа сап ҳалында жеткериўде үлкен әҳмийетке ийе болып есапланады.
Байрам салтанатында ана тилимизди сақлаўға, оны және де байытыўға өз үлесин қосып киятырған бир неше педагоглар хошаметленди. Байрам кешесинде Қарақалпақстан көркем өнер шеберлери ҳәм жас талант ийелери қатнасыўында концерт бағдарламасы жыйналғанлар нәзерине усынылды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети,
М.Ҳабибуллаев түсирген сүўретлерСайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz