Бүгин, 2-декабрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенине 28 жыл толыўына арналған конференция болып өтти.
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери менен басланған конференцияны институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров алып барды.
Илажда атап өтилгениндей, тийкарғы нызамымыз өзиниң терең ойланған принциплери ҳәм қағыйдалары менен ажыралып, елимиздиң тәғдирин, ҳәр бир инсанның ҳуқық және еркинликлерин белгилеўде әҳмийетли ҳүжжет болып есапланады.
1992-жылы 8-декабрь күни ғәрезсиз Өзбекстанның Конституциясы қабыл етилди. Конституцияны ислеп шығыўда нызамшылықтағы алдынғы сырт ел тәжирийбелери менен биргеликте халқымыздың көп әсирлик менталитети, жасаў шараяты, ата-бабалардан мийрас болып киятырған үрп-әдетлери де басшылыққа алынды.
Конституцияда тийкарғы итибар инсан ҳәм оның ҳуқықлары және еркинликлери, яғный Өзбекстан Республикасының ҳәр бир пуқарасына жеке, сиясий ҳәм социаллық-экономикалық ҳуқық және еркинликлердиң кепилликлери тәмийинленди.
Елимизде нызам үстинлигин тәмийинлеў арқалы пуқаралық жәмийетин қурыў, буның ушын халқымыздың ҳуқықый мәдениятын арттырыў, халқымыздың бүгинги өмирден разы болып жасаўы ушын оларға мүнәсип турмыс шараятларын жаратып бериў бағдарында соңғы жыллардағы алып барылып атырған жумыслар айрықша атап өтилди.
Әсиресе, Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен жақында «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли түрде социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының қабыл етилиўи мәмлекетимиздиң ҳәр тәреплеме раўажланыўы, халқымыздың абадан турмысы ушын тийкар жаратады.
Тийкарғы нызамымызда келешек әўладлардың билим алыўы, кәсип маманы болыўы, озық-ойлы, терең пикирлейтуғын, жетик инсан болып жетилисиўи ушын зәрүр болған принциплер ҳәм қағыйдалар белгилеп берилген. Соңғы жыллары жоқары билимлендириў системасына қаратылып атырған итибар ҳәм ғамқорлықлар усы мақсетлерге ерисиў ушын хызмет етеди. Қарақалпақстанда жоқары оқыў орынларының саны соңғы 4 жылдың ишинде 9 ға жеткенлиги, олардың материаллық-техникалық базасының жетилистириўи, қабыллаў квоталары санының көбейтилиўи, Қарақалпақстанның шетки аймақларында жасап атырған жаслар, ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде қосымша грант орынларының берилип атырғаны Конституцияда белгиленген нормалардың әмелдеги көринислери болып табылады.
Усындай имканиятлар нәтийжесинде елимиз жаслары илим, билимлендириў, мәденият, спорт ҳәм турмыстың басқа да салаларында үлкен табысларды қолға киргизип келмекте.
Бир ғана Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты мысалында алып қарайтуғын болсақ, өткен жылы институттың еки студентиниң «Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығы, быйылғы жылы март айында институт студенти Д.Нуратдинованың Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты болғаны, студент-жаслардың ҳәр қыйлы халықаралық таңлаўларда, спорт жарысларында белсене қатнасып, жоқары нәтийжелерге ерисип киятырғаны жасларға жаратылған имканиятлардың нәтийжеси болып есапланады.
Илажда институттың миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими кафедрасы доценти Т.Қудайбергенова, тарийх факультети студенти И.Турсынбаев Өзбекстан Республикасы Конституциясының қабыл етилиўи, оның бүгинги турмысымыздағы әҳмийети, тийкарғы нызамымызда жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты алып барыў мәселелериниң сәўлелениўине бағышланған баянатларын оқып берди.
Конференцияға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов, Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик суды баслығының орынбасары Ә.Нурлепесов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары Б.Избасаров қатнасты.
Илаж институттың талантлы студентлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Ислам Матеков.
Автордың түсирген фотолары.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz