Telegram karinform

Жәмийет

  • 07.12.2020 15:13
  • 1074

Төрткүлде 79 жаслы ҳаял адам ҳәм оның ақлығының өлимине себепши болған жынаят ашылды

Төрткүлде 79 жаслы ҳаял адам ҳәм оның ақлығының өлимине себепши болған жынаят ашылды
Өткен ҳәптеде Төрткүл районында 79 жаслы ҳаял адам өз үйинде өлтирип кетилгени, оның ақлығы болса аўыр аўҳалда емлеўханаға жатқарылғаны ҳаққында хабар берген едик.

ӨзР Бас прокуратурасы баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, жағдай бойынша Төрткүл районлық прокуратурасы тәрепинен Жынаят кодексиниң 97-статьясы (Қастан адам өлтириў) менен жынаят иси ашылып, алып барылған тергеў ҳәрекетлери нәтийжесинде 29 жаслы Ж.С. усланған.

Ол усы жылдың 29-ноябрь күни урлық етиў мақсетинде үйге кирип, ҳаялды асхана пышағы менен қастан өлтиргени және пул ҳәм 2 дана уялы телефон аппаратын алып кеткенлиги анықланды.

Ўақыя орнында болған марҳумның 22 жаслы ақлығы болса алған жарақатлары себепли емлеўханада қайтыс болған.

Ҳәзирги ўақытта судтың ажырымы менен Ж.С.ға қамақ шарасы қолланылған.

Тергеў ҳәрекетлери даўам етпекте.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған