Telegram karinform

Жәмийет

  • 09.12.2020 14:55
  • 767

Автомектеплерге транспорт басқарыў гүўалығын алыў ушын имтихан өткериў ҳуқықы бериледи

Автомектеплерге транспорт басқарыў гүўалығын алыў ушын имтихан өткериў ҳуқықы бериледи
Усы жылдың 7-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти «Мәмлекет тәрепинен тәртипке салынатуғын тараўларға жеке меншик секторды бағдарлаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарға қол қойды.

Қарарға муўапық, 2021-жыл 1-апрельден автомототранспорт қураллары ҳәм қалалық электр транспорт қуралларының басқарыўшыларын таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың тәжирийбесин арттырыў бойынша мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлерин көрсетиў жумыслары ушын лицензияға ийе исбилерменлер барлық категориядағы автомототранспорт қуралларын (троллейбус ҳәм трамвайдан тысқары) басқарыў ҳуқықын беретуғын транспорт басқарыў гүўалығын алыў ушын теориялық және әмелий имтиханлар өткериў ҳуқықына ийе болады.

Бунда:

- транспорт басқарыў гүўалығын алыў ушын теориялық ҳәм әмелий имтиханларды өткериў және баҳалаў инсан факторысыз, толық автоматластырылған ҳалда әмелге асырылады;

- имтиханлар Мәмлекетлик жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети ўәкилиниң тиккелей ямаса онлайн қадағалаўы астында өткериледи;

- имтиханларды өткериў бойынша хызметлер ушын төлемлер муғдары исбилерменлер тәрепинен еркин түрде белгиленеди және келип түсетуғын қаржылар толық көлемде оның ийелигинде қалады;

- теориялық ҳәм әмелий имтиханларды табыслы тапсырған адамларға транспорт басқарыў гүўалығын алыў ушын тийкар болатуғын арнаўлы қорғалған сертификатлар бериледи;

- арнаўлы қорғалған сертификатлардың барлық зәрүрли реквизитлери исбилермен тәрепинен мәмлекетлик хызметлер орайлары ҳәм ишки ислер уйымларына автоматластырылған ҳалда бериледи.

Соның ишинде, транспорт басқарыўшыларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың тәжирийбесин арттырыўда исбилерменлик субъектлери ушын заманагөй автодромларды қурыў ҳәм оларды автоматластырылған арнаўлы транспорт қураллары менен үскенелеў бойынша қосымша миннетлемелер де нәзерде тутылған.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған